Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы  Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының Компьютер  инжиниринги факультетиниң  4-басқыш студенти Әрман Нурниязов 2020-2021-оқыў жылы ушын Президент стипендиясының жеңимпазы деп табылды.

– Елимизде биз жаслар ушын көплеген имканиятлар жаратылған. Әлбетте, бул инканиятлардан пайдаланған ҳалда мәмлекетимиздиң  информациялық технологиялар тараўының раўажланыўына өз үлесимди қоспақшыман, – дейди Президент стипендиясының жеңимпазы Әрман Нурниязов.

Ә.Нурниязов 2019-2020-оқыў жыл ушын Беруний атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы, 2019-жылы «Инновациялық идеялар жетекшиси» көкирек белгиси  ийеси,  2020-жылы Өзбекстан көлеминде студентлер арасында онлайн тәризде өткерилген  «Жоқары математика» пәнлер олимпиадасында екинши орынды ийелеген. Ол спорттың таэквандо 85F түри бойынша қара белбеў ийеси.

Сондай-ақ, усы филиалдың тағы бир студенти Шәрияр Жақсыликов 2020-2021-оқыў жылы ушын Беруний атындағы мәмлекетлик стипендияның жеңимпазы болды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы