Алдын хабар бергенимиздей, 2020-жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасында 349 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Оларда 314 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған болса, 89 адам биймезгил өмирден көз жумған.

 

Жол-транспорт ҳәдийселерин анализлеп қарағанымызда, олардың 40,7 проценти пиядаларды дүгип кетиў жағдайлары менен байланыслы болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасы бойынша усы түрдеги ҳәдийселер саны 2019-жылға салыстырғанда 22,40 процентке, яғный 183 тен 142 ге азайған. Усындай жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде 2020-жылы 29 адам (2019-жылы 36 адам) өмирден көз жумған болса, 117 адам (2019-жылы 154 адам) ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған.

 

Сондай-ақ, 2019-жылға салыстырғанда 2020-жыл даўамында автотранспорт қуралларының аўдарылыўы менен байланыслы ЖТҲлар 39 дан 42 ге, велосипед басқарыўшыларын дүгип кетиў 51 ден 52 ге, атлы арбаны дүгип кетиў жағдайлары 0 ден 3 ке көбейген.

 

Ал транспорт қуралларының соқлығысыўы 105 тен 98 ге, тосыққа урылыў 9 дан 8 ге, тоқтап турған транспорт қуралына соқлығысыў 9 дан 1 ге, ЖТҲның басқа түрлери 4 тен 3 ке азайған.

 

2020-жыл даўамында жүз берген ЖТҲларды мәўсим айлары бойынша анализлеп қарағанымызда:

 

Январь айында 14;

Февраль айында 31;

Март айында 23;

Апрель айында 13;

Май айында 14;

Июнь айында 13;

Июль айында 29;

Август айында 27;

Сентябрь айында 33;

Октябрь айында 39;

Ноябрь айында 46;

Декабрь айында 67 ЖТҲ жүз берген.

 

Жол-транспорт ҳәдийселериниң басым көпшилиги саат 12:00 ден 18:00 ге, сондай-ақ, 18:00 ден 24:00 ге шекемги ўақыт аралығында жүз берген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.