Бажыхана уйымлары тәрепинен сапасы кепилленбеген товар-материаллық байлықлардың бажыхана постлары арқалы алып өтилиўиниң алдын алыў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими тәрепинен «Қарақалпақстан» темир жол станциясында 484-санлы «Волский-Ташкент» жолаўшы поездының 14-вагоны көзден өткерилгенинде, усындай бир факт анықланды.

 

 

Россия Федерациясынан келген пуқара С.Б.да бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында айтылмаған, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, ҳеш қандай ҳүжжетлерге ийе болмаған, сапасы кепилленбеген, аўызеки сораўда баҳасы 12,1 миллион сум деп көрсетилген 33 қуты «NUTRILIТE” атамасындағы биоактив қосымшалар бар екени анықланды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған усы факт бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.