Президент Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, дөретиўшилик жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде 4-февраль күни Ферғана ўәлаятына келди.

Сапар бағдарламасы жүдә тығыз ҳәм мазмуны жағынан бай. Биринши мәнзил – Алтыарық районындағы «Файзли боғлар сари» жүзимгершилик кооперациясы болды.

Алтыарықлылар дийқаншылығы, мийнеткешлиги менен белгили. Оларға жер берилсе, өзин де, елин де бай етеди. Бирақ, басқа өнимлерге қарағанда дәраматының аз екенине қарамастан, бул районда да пахта ҳәм ғәлле көп егилетуғын еди. Мәмлекетимиз басшысының аўыл хожалығын структуралық өзгертиўге, базарға қолайлы егинлер егиўге қаратылған сиясаты қолы гүл дийқанлар ҳәм жасларға үлкен имканият ашты.

Президент келген кооперацияны 6 гектарлық жүзим атызлары орнында бурын пахтадан 20, ғәлледен 25 центнер зүрәәт алынатуғын еди. Өткен жылы бул жерде бағ жаратылып, «ҳусайни», «келинбармақ», «ризамат» сортлы жүзим нәллери егилген. Қатар араларында помидор, қыяр, көк шөп, ашшы бурыш ҳәм басқа да овощлар жетистирилмекте. Тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.

Ең әҳмийетлиси, бул майдан 51 жасқа, соның ишинде, сырт елден қайтып келген мийнет мигрантларына ажыратып берилген. Олар плёнка астына овощлар егип, жылына төрт мәртеге шекем зүрәәт алыўы мүмкин екенлигин айтты.

– Ҳәр бир жас ҳаққында ата-анасы қандай қайғырса, мен де сондай қайғыраман, – деди Шавкат Мирзиёев олар менен сәўбетте. – Жасларды тезирек жумыс пенен тәимйинлеў ушын үлкен имканиятларымыздан бири ҳәзирше усы. Өмирде орнын тапқан инсанда өзине исеним, умтылыў пайда болады. Бүгин жасларға дәрамат дәрегин жаратып, жумыс үйретип, қоллап-қуўатлап турсақ, 2-3 жылдан кейин ҳеш кимге жалтақ болмайды – банкте есап-бети болады, жай алады, жақсы жасайды, балаларын жақсы тәрбиялайды.

Президент жасларға оқып-үйренип, жумысын жақсылаў бойынша мәсләҳәтлер берди.

– Өмир – гүрес, бәсеки. Бул гүресте ким күшли болады? Ақыллы, билимли, мийнет еткен. Бүгин жаслар мәмлекетимиздиң итибарын сезиўи, көп оқып, күн сайын билимин арттырып, раўажланыўда даўам етиўи керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жерлерди ажыратып бериў арқалы Ферғана ўәлаятында 200 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

«Файизли боғлар сари» жүзимгершилик кооперациясының улыўма жер майданы дерлик 130 гектар. Соннан 40 гектар майданда жүзим атызы, 90 гектар майданда интенсив бағ жаратылған. 2 мың тонна сыйымлылықтағы музлатқышлы қоймахана, жүк машиналары бар. Жетистирилген өнимлердиң үлкен бөлегин экспорт етиў режелестирилген.

Бул жерде Ферғана ўәлаятында аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы журналистлер менен жанлы пикир алысты.

– Сизлер маған жәрдемши ҳәм ийинлессиз. Мен сизлерди жетискенлигимизди де, кемшилигимизди де халқымызға әдил жеткерип атырған күш деп билемен. Сизлерден бир нәрсени өтиниш етпекшимен: излениўден еринбең. Әдилликти халыққа жеткериўден қорықпаң. Неге десеңиз, арқаңызда Президент тур. Ол заманлар өтип кетти. Тек ғана әдиллик, әдиллик ҳәм ҳақыйқат. Қанша көп ҳақыйқатты жеткере алсақ, сонша көп пайда болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент Шавкат Мирзиёев Риштон районында қурылған Халықаралық гүлалшылық орайын барып көрди.

Бурын риштонлы гүлаллар өз үйинде, тар устаханаларда жумыс ислейтуғын еди. Сырт ел туристлери ушын шараят жоқ еди. Есап-санақларға бола, өткен жылы районға 15 мыңнан аслам сырт ел туристи келген. Егер қоңсы Қырғызстан арқалы Россия ҳәм басқа да мәмлекетлерден келип, Риштоннан өтетуғын туристлерди де қосса, бул сан және бир неше мыңға артады. Бул районның туристлик потенциалының жоқары екенлигинен дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 17-ноябрьдеги пәрманынан кейин өнерменшиликти раўажландырыў ҳәм өнерментлер ушын кең имканиятлар жаратыла баслады. Усы пәрманға муўапық, өткен жыллары Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларында өнерментшилик орайлары қурылған еди. Риштондағысы гүлалшылық бағдарында болды.

Егер Марғилан атлас ҳәм адраслары, Қоқанд ағаш усташылығы ҳәм  нағыс ойыў мектеплери менен белгили болса, Риштон әййемги гүлалшылық көркем өнери менен дүньяға танылған. Бул жерде таярланған керамика ыдыслары өзине тән дизайны, экологиялық тазалығы менен ажыралып турады. Риштон гүлалшылық өнимлериниң ярымынан көби сыртқы базарда өтимли.

Пандемия дәўиринде халықтың үйде отырып, өнерментшилик пенен шуғылланыўы ҳәм дәрамат табыўына жәрдемлесиў мақсетинде қысқа мүддетте районда Халықаралық гүлалшылық орайы қурылды. Бул жерде 20 еки қабатлы гүлаллар турақ жайы, Риштон тарийхы музейи, банк хызметлери орайы қурылған, турақ жайлардың биринши қабатында устахана ҳәм саўда дүканы жайласқан, екинши қабатта өнерментлер шаңарағы жасайды.

Турақ жайлардың ҳәр биринде 6 орынлық мийманхана да бар. Сырт ел туристлери бул жерде жасап, гүлаллардың жумысы менен танысыўы мүмкин. Орай пайдаланыўға тапсырылыўы менен 250 ге шамалас жумыс орны жаратылды. Гүлалшылық өнимлери Бирлескен Араб Әмирликлери, Чехия, Түркия, Россия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан халық устасы Әлийшер Назировтың устаханасында болды. Көргизбеге қойылған гүлалшылық буйымларын көзден өткерди.

– Бул ыдысларда мийнет пенен, жүрек пенен бирге тарийх та бар. Ҳәмме бағдарларда миллий дәстүрлеримизди тиклеп атырмыз. Керамика буйымлары да миллий қәдриятымыз. Оларды және ғалаба ен жайдырып, ҳәр бир шаңараққа киргизиў керек. Оларды шет еллилер жүдә қәдирлейди. Себеби шырайлы, сапалы, экологиялық таза. Елимиздеги ҳәр бир үйде мине усындай ыдыслар болса, ҳәм миллий мақтаныш, ҳәм мәнаўият болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент белгили гүлаллар Музаффар Саидов ҳәм Шарофиддин Юсуповтың шаңарағына да кирип, олар менен қызғын пикир алысты.

Гүлалларға айланба қаржы ҳәм жеңилликлер бериў, басқа аймақларымызда дүканлар ашыўына жәрдемлесиў, елимиздиң сырт елдеги елшиханаларында көргизбе-саўда орынларын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Халықаралық гүлалшылық орайында «Өнермент» ассоциациясының районлық бөлими, оқыў орайы да жайласқан.

Қурылыс процесинде бул жердеги Хожа Рушноий мавзолейи абат етилген еди. Мәмлекетимиз басшысы бул мавзолейди де зыярат етти.

Бул жерде ўәлаятта «мәҳәлле кесими» системасы тийкарында жаслар ҳәм ҳаялларды жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған илажлар додаланды.

Президентке Бағдад районы мысалында үш буўынлы «мәҳәлле кесими»нде ислесиў системасы таныстырылды. Бул үш буўынлы системада ҳәр бир мәҳәллеге коммерциялық банклердиң жуўапкер хызметкерлеринен ибарат турақлы ўәкил бириктириледи. Олар мәҳәлле баслықлары менен бирге шаңарақлардағы жағдайды, жумыссызлар саны, олардың қызығыўшылықлары, аймақтың «өсиў ноқатлары», бар исбилерменлик субъектлериниң жумысын кеңейтиў мәселелерин үйренип барады.

Усы үйрениўлер ўақтында ислеп шығылған усыныслар екинши басқышта ҳәр бир сектор қасында экономикалық комплекс хызметкерлеринен дүзилетуғын басқарыў офислерине бериледи. Басқарыў офислеринде сол аймақтығы коммерциялық банклердиң басшылары, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, салық, қаржы, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери анықланған машқала ҳәм усыныслар тийкарында ҳәр бир мәҳәллени раўажландырыў бойынша «Жол карталары»ни ислеп шығады ҳәм олардың орынланыўы бойынша тийисли илажларды көреди.

Үшинши басқышта районларда ҳәкимлердиң биринши орынбасары басшылығында муўапықластырыўшы топар шөлкемлестириледи. Олар ислеп шығылған «Жол картасы»н тастыйықлап, оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе жергиликли кеңеслерге есап береди. Мәҳәлле баслықлары менен бирге басқарыў офислериниң жумысын додалап барады.

Шавкат Мирзиёев усы үш басқышлы системаны пүткил елимизге енгизиў бойынша тапсырма берди. Өз үйинде тигиўшилик цехы ашып, мәҳәлле ҳаял-қызларын жумыс пенен тәмийинлеген үшкөпирлик ҳаяллар, мәмлекетлик емес оқыў орайларының басшылары менен сөйлести. Олардың жумысын кеңейтиў ушын логистикаға қолайлы орында заманагөй комплекс қурып бериў бойынша жуўапкерлерге ўазыйпа қойды.

Ферғана ўәлаятында 400 ден аслам қоспа ҳәм сырт ел кәрханалары жумыс ислемекте. Перспективалы жойбарлар тийкарында инвестициялардың өзлестирилиўи нәтийжесинде аўылларға санаат кирип барып, көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылмақта.

Ферғана районының Лоғон аўылындағы «Vodiy-Shoes» жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги қоспа кәрхана жумыс баслағанына көп ўақыт болғаны жоқ. Бул жерде таярланып атырған еркеклер, ҳаяллар ҳәм балалар аяқ кийимлери қысқа ўақытта ишки ҳәм сыртқы базарда өз қарыйдарларын тапты. Өнимлер сапалылығы, сулыў көриниси менен ажыралып турады. Сондай-ақ, кәрханада ҳуқық-қорғаў уйымларының хызметкерлери ушын арнаўлы аяқ кийимлер ислеп шығарылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул кәрхананың жумысы менен де танысты. Таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.

Президентимиздиң Ферғана ўәлаятына алдынғы сапарлары ўақтында бул кәрхананың жойбары таныстырылғанын атап өтиў керек. Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, таярланатуғын өнимлердиң экспортқа қолайлы ҳәм сапалы болыўы керек екенлигин атап өтип, ең заманагөй үскене ҳәм технологиялар алып келиў, кәрханада ислейтуғын жасларды оқытыў бойынша тапсырмалар берген еди.

Қоспа кәрхана өткен жылы пайдаланыўға тапсырылды. 4,1 гектар майданға ийе қоспа кәрханада улыўма баҳасы 16 миллион доллардан аслам жойбар әмелге асырылып, Италия, Түркия ҳәм Германиядан заманагөй үскене ҳәм технологиялар алып келинди.

Лоғон, Кептерхана, Вазиё, Аввал сыяқлы аўылларда жасайтуғын онлаған жаслар маман қәнигелер жәрдеминде кәсипке оқытылды. Ең әҳмийетлиси, бүгин олар бул жердеги заманагөй технологияларды арқайын басқармақта.

Кәрхана өнимлери тийкарынан жергиликли шийки заттан таярланады. Тек ғана аяқ кийимниң астынғы бөлеги ушын арнаўлы қосымша Германиядан алып келинеди.

Ҳәзирги ўақытта 2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған. Олардың тийкарғы бөлегин жергиликли жаслар қурайды. Кәрханада биринши басқышта жылына 1 миллион жуп аяқ кийим ислеп шығарылмақта. Тийкарынан жергиликли шийки заттан пайдаланылғаны ушын өзине түсер баҳасы да арзан. Соның ушын ишки базарда импорттың орнын басып, сырт елдики менен бәсекилеспекте. Экспорт мөлшери – 12 миллион доллар.

Екинши басқышта кәрхана қуўатлылығын 2 миллион жупқа жеткериў режелестирилген. Усы мақсетте жақын әтираптағы 18 мәҳәлле ҳаял-қызлары жумысты үйге алып ислеў тийкарында жумысқа тартылады. Нәтийжеде 5 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Президент бул жердеги тоқымашылық кәрханасын да кирип көрди. «Баҳодир Лоғон» пахта-тоқымашылық кластерине қараслы бул ширкет жылына 10 мың тонна өним таярлаў қуўатлылығына ийе. Япония, Түркия, Германия ҳәм Швейцариядан үскенелер келтирилип, ийирилген жип ҳәм гезлеме ислеп шығарыў жолға қойылған. 480 адамның бәнтлиги тәмийинленген, соннан 300 и жаслар.

Бул биринши басқыш болып, 2022-жылы екинши басқышты әмелге асырыў режелестирилген. Соның нәтийжесинде 1 мың 800 жаңа жумыс орнын жаратып, экспорт потенциалын 16 миллион доллардан арттырыў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы шийки затты қайта ислеўди және де кеңейтип, таяр өнимлердиң түрин көбейтиў, ең әҳмийетлиси, базар табыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бул жерде Ферғана ўәлаятында 2021-2022-жыллары әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Президент Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 6-майда Ферғана ўәлаятында болғанында тастан қағаз ислеп шығарыў жойбары таныстырылған еди. Бүгинги күнде бул жойбар Ферғана қаласында «Fergana stone paper» кәрханасы болып әмелге асты.

Қытайдан сийрек гезлесетуғын технология алып келинип, жылына 9 мың тонна қағаз таярлаў қуўатлылығына ийе болды. Президент сапары алдында бул кәрхана сынақ режиминде иске қосылды.

Тастан исленген қағаз көп абзаллықларға ийе. Бириншиден целлюлоза қағаз таярлаў ушын жүдә көп суў жумсалады, зәҳәрли элементлердиң барлығы ушын бул суў жарамсыз болып қалады. Тастан қағаз ислеп шығарыў да болса суў қолланылмайды.

Екиншиден, беккемлилиги, шыдамлылығы әпиўайы қағазға салыстырғанда жоқары. Өзинен суў өткермейди, дақ жуқпайды. Соның ушын тастан алынған қағаз  баспа жумысларында, қадақлаў ҳәм гүл қағаз ислеп шығарыўда жүдә қолайлы. Сыртқы базарда өтимли.

Кәрханада 60 адам жумыс пенен тәмийинленди. Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин, қағаздың сапасын көрди.

– Қағаз таярлаў әййемги өнерментлишилик бағдарларымыздан бири. Өз дәўиринде Самарқанд қағазы дүньяға белгили болған. Бул кәрхана – тарийхый дәстүрлердиң санаат дәрежесинде қайта тиклениўи, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз Ферғана ўәлаятында ислеп шығарылып атырған импорттың орнын басыўшы санаат өнимлерин де көзден өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының Ферғана ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдилла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары