2020-жыл 23-декабрь күнинен 24-декабрь күнине өтер түнде Нөкис районы турғынлары есапланған Н.Д.Т, Ш.Б.Д, Ш.И.Д, Е.Р.М, Т.И.А, Б.М.Д.лар алдыннан жынайый тил бириктирип, Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны Қызыл үй аўылы аймағында жайласқан «Мақсетбаев Айдос» фермер хожалығына тийисли салы қоймаханасына барып, урлық жынаятын әмелге асырады.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жыйнайый ҳәрекетлер нәтийжесинде салы қоймаханасында турған 75 қалтаға салынған 3 тонна «Лазер» сортлы салы алып кетилип, жасырын түрде талан-тараж етилгенлиги анықланды.

 

Бул ҳәдийсе бойынша Нөкис районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «в,г» бәнтлери менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта районлық ИИБ тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.