Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2008-жыл 8-июльдағы «Балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектеплериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм олардыӊ жумысларын және де жетилистириў илажалары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздыӊ барлық район ҳәм қалаларында жаӊадан имаратлар бой тиклеп, айырымларына капитал реконструкция жумыслары жүргизилди.

Хожели районы орайында жайласқан 5-санлы Балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектеби 2012-жылы жаӊадан бой тиклеген болып, онда ҳәзирги күнлери 370 оқыўшы халық сазлары, фортепиано, үплеп шертетуғын әсбаплар, эстрада қосық атқарыўшылығы, тарлы әсбаплар, академиялық қосық, хореография, сүўретлеў өнери, театр, әмелий өнер, бақсышылық, миллий қосықшылық, миллий сазенделик бѳлимлеринде ѳз кәсибиниӊ маманлары болған муғаллимлерден тәлим алмақта.

 

 

 

Соны айрықша атап ѳтиўимиз керек, сол тәрбияланыўшылардыӊ 59 ы Республикалық Меҳрибанлық үйиниӊ тәрбияланыўшылары болып есапланады.

Мектеп оқыўшылары оқыў менен биргеликте район ҳәм республика кѳлеминде шѳлкемлестирилетуғын ҳәр қыйлы таӊлаўларға қатнасып, жеӊимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Жақында бизлер усы мектепте болып, оныӊ бүгинги күни алып барып атырған жумыслары менен таныстық.  Бул жердеги оқыў класларын көзден өткергенимизде,  бизди  имарат ишине тартылған арматура таӊ қалдырды ҳәм бул туўралы мектеп директоры Қылышбай Қарлыбаевтан сорағанымызда ол былайынша жуўап берди.

-Мектеп салынар гезде оныӊ астына топырақ  үйилип тырнағы қуйылып, имарат тикленген. Ўақыт ѳтиўи менен усы үйилген топырақ шѳгип, имарат тырнағына тәсир еткен ҳәм дийўаллары жарылған. Сонлықтан қурылысшылар имараттың қулап кетпей қәўипсиз турыўы ушын дийўал арасынан арматура ѳткерип қойыпты. Бизлер усы арматураларға исенип сабақ ѳтип атырмыз,-дейди ол.

Мектеп имаратынан бизлер сыртқа шығар екенбиз,  бизлерди «сырты жылтырақ, иши қалтырап» турған бул имарат ҳәм онда тәлим алып атырған оқыўшылардыӊ келешек тәғдири бираз ойландырып таслады. Бул бойынша тез арада Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлигинен анық жуўаплар күтип қаламыз!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.