Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, экспортты арттырыў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў және  суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бирақ, бүгинги күнде барған сайын күшейип баратырған суў жетиспеўшилиги, халықтың өсиўи және басқа да инсан тәсири менен байлыныслы факторлар суўды көп пайдаланатуғын егинлерди жетистириўге суўды унемлейтуғын технологияларды енгизиўди талап етпекте.

Республикада салы жетистириў, сақлаў, қайта ислеўдиң үзликсиз ҳәм нәтийжели системасын жетилистириў, ишки тутыныў базарын гүриш өнимлери менен турақлы тәмийинлеў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, бул бағдарда илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў және салы жетистириўде суўды унемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў мақcетинде:

1.Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң салыгершилик кластерлери ямаса салы егиўге руқсат етилген регионларда салы жетистиретуғын фермер хожалықлары базасында элита туқымгершилик хожалықлары (кейинги оырнларда – Туқымгершилик хожалықлары)н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда :

«Туқымгершиликти раўажландырыў орайы»МК  Салыгершилик илимий-изертлеў институты менен биргеликте Туғымгершилик хожалықларында әўладлы туқымларды көбейтиў системасын жолға қояды;

Туқымгершилик хожалықлары жоқары әўладлы туқымларды карантин қадағалаўынан  өткерилген сырт ел компанияларынан ямаса Салыгершилик илимий-изертлеў институтынан алады ҳәм көбейтиўди шөлкемлестиреди;

салының элита ҳәм әўладлы туқымлықларды  жетистириў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген илажда   жер майданлары ажыратылады;

егилген туқымгершилик  салы атызлары белгиленген тәртипте апробациялық тексериўден өткериледи ҳәм сертификат алынады;

Туқымгершилик хожалықлары тәрепинен туқымлық салыны тазалаў, таңлаў ҳәм комплектлеў жумыслары әмелге асырылады.

Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте  1-қосымшаға муўапық аймақларда Туқымгершилик хожалықларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

2.Сондай тәртип орнатылсын, оған тийкарланып 2021-жыл 1-июньнен баслап туқымлық салыға муўаплылық сертификатын бериў, белгиленген тәртипте аккредититациядан өткерилген юридикалық тәреплер тәрепинен де әмелге асырылыўына руқсат бериледи.

3.Инновациялық раўажланыў министрлиги, бурынғысынан басқаша тәризде, 2021-жыл 1-февральдан баслап илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде салы селекциясы, жетистириў агротехникасы ҳәм туқымгершилик системасын раўажландырыўға байланыслы 5 жылға шекем мақсетли жойбарлардың таңлаўын жәрияласын. Онда, селекция бағдарында әмелге асырылатуғын фундаменталь ҳәм әмелий жойбарлар бурын орынланған жойбарлардың логикалық даўамы екенлиги инабатқа алынсын ҳәм үзликсиз даўам еттирилиўи тәмийинленсин.

4.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р Хамраев) ҳәм Илимлер академиясы (Б.С.Юлдашев) пенен биргеликте:

аймақлардың топырақ-климат шараятларына сай салыны алмаслап егиў бағдарламасын дүзиў ҳәм егислик майданларының есабын алып барыў және Туқымгершилик хожалықларында алмаслап егиў системасын жолға қойсын. Онда, бир атызда 2 жылдан аслам салы жетистирилиўине жол қоймаў бойынша  илимий тийкарланған алмаслап егиў системасы енгизиледи;

Хорезм ўәлаятының топырақ-климат шараятларын үйренип, сырт елден салының жоқары өнимдарлы сортларының туқымларын алып келиў және оларды жергиликли шараятта көбейтиў бойынша тәжирийбе-сынақ жойбарларын әмелге асырсын. Онда, бул әмелият тәжирийбе-сынақ нәтийжелерине бола, республиканың басқа да аймақларына да енгизиў илажлары көриледи.

5.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери, Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң салы жетистириўде суўды унемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў мақсетинде:

2021-жылы улыўма салы атызларының кеминде 20 процентинде нәллеп егиў, кеминде 50 процентинде  лазер үскенеси жәрдеминде жер тегислеў системасын енгизиў, кеминде 30 процентинде салыны заманагөй туқым сеялкалары арқалы егиў;

2022-жылы улыўма салы атызларының кеминде 40 процентинде нәллеп егиў, кеминде 70 процентинде  лазер үскенеси жәрдеминде жер тегислеў системасын енгизиў, кеминде 50 процентинде салыны заманагөй туқым сеялкалары арқалы егиў  ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери менен биргеликте усы усынысларды толық енгизиў және 2023-жылдан баслап және де кеңейтиў илажларын көрсин.

6.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев), Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги (Ф.У.Эрманов) Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Ю.Абдурахмонов), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) және Илимлер Академиясы (Б.С.Юлдашев) менен биргеликте 2021-жылдың салы егиў мәўсими даўамында, эксперимент түринде, тийисли аймақларда:

500 гектар майданда дренаж суўларынан пайдаланған ҳалда  салы жетистириўди;

50 гектар майданда дәстүрий суўғарыў усылын қолланған ҳалда, бирақ  түнде суў бермеў усылында  салы жетистириўди;

20 гектар майданда тамшылатып суўғарыў усылында және 20 гектардан майданда топырақастын тамшылатып суўғарыў усылында салы жетистириўди жолға қойсын.

Аўыл хожалығы министрлиги эксперимент нәтийжелери бойынша толық есабатты және 2022-жылы усы егиў ҳәм суўғарыў технологияларын кеңнен қолланыў бойынша илажлар бағдарламасын  2021-жыл 1-декабрьге шекем Министрлер Кабинетине киргизсин.

7.2021-жыл 31-декабрьге шекем салы жетистириўде салыны заманагөй туқым сеялкалары және нәллеп егиў үскенелерин сатып алған аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларға сатып алынған туқым сеялкалары ҳәм нәллеп егиў үскенелери баҳасының 20 процентине шекем Мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилетуғыны белгиленсин.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте  бир ай мүддетте усы бәнтке муўапық үскенелер баҳасының бир бөлегин қаплаў тәртибин ислеп шықсын  ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

8.Салы жетистириў ҳәм қайта ислеў мақсетинде, сырт елден алып келинетуғын салы сортлары ҳәм шағылыстырылған туқымлықлар, лабораториялық үскенелер, заманагөй аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатлары, дән кептириў үскенелери және комплектлеўши бөлеклер 2023-жыл 1-январьға шекем белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлерге муўапық бажыхана бажысынан азат етилсин.

9.Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 2021-жылдың өними ушын салы жетистириў прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы илимий мәкемелерде 2021-жылдың өними ушын  салы сортларын жайластырыў ҳәм суперэлита туқымлық салы жетистириў көлемлериниң прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

Өзбекстанда салыгершиликти раўажландырыў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген комплексли илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси және ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте  усы прогноз көрсеткишлериниң және Бағдарламаның орынланыўын тәмийинлесин.

10.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Х.Тошқулов) менен биргеликте:

бир ай мүддетте Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм оның филлиаллары, Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында салыгершилик бағдарында қабыллаў квотасын арттырыў бойынша Минитсрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

2021-жыл  1-июньге шекем Қарақалпақстан Республикасында Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалын және Вьетнам аграр университети менен биргеликте салыгершилик бағдарында  биргеликтеги факультет шөлкемлестириў илажларын көрсин;

еки ай мүддетте  дүньяның салыгершиликке қәнигелескен орайларында (Япония, Қытай, Россия, Қубла Корея, Филиппин ҳәм басқалар) жас кадрлар ҳәм қәнигелердиң сырт ел грантлары тийкарында  маманлығын арттырыўға жибериў бойынша илажларды белгилесин.

11.Усы қарарда нәзерде тутылған көрсеткишлерге өз ўақтында ерисиў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, бул бағдарда нәтийжели қадағалаў системасын орнатыў мақсетинде:

а) Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов), Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти (Д.Ф.Рахимов):

усы қарардың 1 ҳәм 2-қосымшаларына муўапық жер майданларында салы егилиўи, оны туқым, нәл, минерал туқым және суў менен тәмийинлеў илажларын өз ўақтында әмелге асырылыўын орнына шыққан ҳалда үйренип барсын;

усы қарардың 5-бәнтинде нәзерде тутылған салы атызларында нәллеп егиў, лазер үскенеси жәрдеминде жер тегислеў және салыны зәманагөй туқым сеялкалары арқалы егиў  системалары енгизилиўи үстинен турақлы қадағалаў орнатсын;

республика аймақларында  дизимге алынбаған салы жетистириў жағдайларын анықлап, оларды нызам ҳүжжетлерине муўапық рәсмийилестириў илажларын көрсин;

усы қарардың талапларына қатаң әмел етилиўин және оны бузған айыпкерлерге нызам шеңберинде тийисли илажлар көрилиўин тәмийинлесин;

әмелге асырылған  жумыслар бойынша ҳәр айдың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.

б) Аўыл хожалығы министрлиги (М.И.Рўзметов), Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги (Ф.К.Умаров), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Қ.А.Юлдашев) ушыўшысыз ушыў қурылмалары жәрдеминде усы қарарға муўапық салы егинлерин жайластырыў, алмаслап егиўди шөлкемлестириў, сондай-ақ, нызамсыз салы атызларын анықлаўға жәрдем берсин;

в) Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы (А.Д.Вахабов), Ишки ислер министрлиги (С.А.Нишанбаев), Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) және Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем берсин;

г) Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев:

еки ҳәпте мүддетте  усы қарар шеңберинде 2021-жылдың өними ушын салы жетистириў прогноз көрсеткишлеринен келип шығып,  аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылары кесиминде мәнзилли дизимди тастыйықласын;

республика аймақларында, усы қарар  талаплары бойынша салы жетистириўди көбейтиў және туқым, минерал төгин, суў ҳәм басқа да ресурсларды унемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў  илажларын көрсин.

12.Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги (Ф.У.Эрманов) 2021-жыл 1-июльге шекем:

Салыгершилик  илимий-изертлеў институты Хорезм филиалына Гүрлен районы Чинабад ММТП аймағындағы бос жер майданында ҳәкимшилик  лабораториялық имаратын қурыў және зәрүр болатуғын аўыл хожалығы техникалары, лаборатория үскенелери менен тәмийинлеў  жергиликли бюджет дәраматлары режесиниң арттырылып орынланған бөлеги есабынан әмелге асырылыўы илажларын көрсин;

Гүрлен районынан 200 гектар суўғарылатуғын жер майданлары ажыратылыўын тәмийинлесин.

13.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев):

а) Салыгершилик илимий-изертлеў институтының есап-санақларына тийкарланып  салы туқымлығын таңлаў ушын заманагөй  киши көлемдеги таңлаў ҳәм қадақлаў цехларын шөлкемлестириў, лабораториялық үскенелер, аўыл хожалығы техникасы ҳәм агрегатлары менен тәмийинлеў ушын Жәҳән банкиниң «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде тартылған қаржыларынан ажыратылыўын тәмийинлесин;

б) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте  еки ай мүддетте:

супер элита, элита ҳәм кейинги әўладларға тийисли  туқымлық салы жетистириў ушын Туқымгершилик хожалықларын таңлаў тәртибин;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерсилер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

14.Усы қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 2-февраль