Нѳкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлиминен алынған мағлыўматларға қарағанда,  Нѳкис қаласында жасаўшы бир қанша пуқаралардыӊ Орайлық дийқан базары аймағында сатылған ярым таяр өнимлерди пайдаланыўы арқасында зәҳәрленип, Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасына аўыр жағдайда жатқарылған.

Емлеўхана шыпакерлери ҳәм мийрибийкелериниӊ наўқасларға өз ўақтында алып барған емлеў ислериниӊ нәтийжесинде, олардыӊ ѳмири сақлап қалынбақта.

Халқымыз арасында бундай унамсыз жағдайлардыӊ алдын алыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы  Денсаўлықты сақлаў министриниӊ 2012-жыл 10-июльдағы 200-санлы буйрығы тийкарында, усы жыл2-февраль күни Нѳкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлими  ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспеси менен биргеликте Нөкис дийқан базарында ислеўши хызметкерлер ҳәм онда саўда хызметин кѳрсетиўши сатыўшыларды миннетли түрде медициналық тексериўден ѳткериў жумыслары баслап жиберилди.

 

 

-Өткерилип атырған бул илаж халқымыздыӊ саламатлығын қорғаў ҳәм ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлердиӊ алдын алыўда әҳмийетли орын тутады,-дейди Нөкис қалалық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлими шыпакер эпидемиологы Дилфуза Тәӊирбергенова.

Медицина хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған бул  профилактикалық илажлар елимизде пуқаралардыӊ саламатлығын қорғаў менен бирге олардыӊ азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде де айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.

А.Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.