Нөкис компьютер лингвистикасы техникумында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажда Мүрәжатта атап өтилген ўазыйпалар бойынша түсиниклер берилип, халық ўәкиллери болған депутат ҳәм партия ўәкиллери Президент қойып атырған ҳәр бир ўазыйпаны, Парламент жумысын жетилистириў, оның қадағалаў ўәкилликлерин күшейтиўге байланыслы усынысларын үлкен жуўапкершилик сыпатында қабыл еткенлигин атап өтти.

 

 

 

Илаж соңында оқыўшы жаслардың Мүрәжатқа болған түсиниклерин беккемлеў ушын сораў-жуўаплар өткерилди.

Сораўларға оқыўшы жаслар тәрепинен жуўап берилип, сиясий билиминиң жоқары дәрежеде екенлигин көрсетти. Дурыс ҳәм мазмунлы жуўап бергенлерге партия тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.