Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 1-июльдеги «Бос турған мәмлекетлик объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң жанында Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайы ҳәм оның орынлардағы аймақлық басқармалары шөлкемлестирилген еди.

Орайдың Қарақалпақстан Республикалық аймақлық басқармасында журналистлер менен блогерлердиң қатнасыўында брифинг болып өтти.

Брифингте басқарма баслығы Е.Қунназаров басқарма тәрепинен 2020-жыл даўамында ҳәм быйылғы жылдың усы күнине шекем бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылған жумыслар туўралы толық мағлыўмат берди.

 

 

Атап өтилгениндей, орай ашылғанлы берли мүлкшилик түриниң қандай болыўына қарамастан барлық категориядағы бос турған турақ жай емес имаратлар менен қурылмаларды, пайдаланылмай атырған өндирис майданларын анықлаў ҳәм есабын жүргизиў бойынша бирден-бир система жаратылды.

Сондай-ақ, орайға бир қатар ўазыйпалар жүкленди. Атап айтқанда, мәмлекетлик шөлкемлерге оператив басқарыў ҳуқықы менен берилген мәмлекетлик мүлк объектлериниң артықша бөлеги, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған ямаса мақсетсиз пайдаланылып атырған мәмлекетлик мүлк объектлери Орай тәрепинен алып қойылады. Қурылыс тараўын қадағалаў инспекциясының жуўмағы тийкарында жарамсыз, деп табылған мәмлекетлик мүлк объектлерин бузыў ҳаққында Орай қарар қабыл етеди. Бос турған жеке меншик мүлк объектлерин олардың мүлк ийелериниң қәлеўине бола ижараға берилиўинде Орай ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетеди.

– Усы күнге шекем 243 бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери 105 исбилерменлик субъектлерине ижараға берилди, нәтийжеде 427 жаңа жумыс орынлары жаратылды,-дейди басқарма баслығы Е.Қунназаров. – 25 бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин меншиклестириў бойынша қарар қабыл етилди, соннан 24и саўдаға шығарылып тоғызы сатылды. Төрт пайдаланыўға жарамсыз имарат ҳәм қурылмаларды бузыў бойынша қарар қабыл етилди, соннан үшеўин бузыў нәтийжесинде 0,6 гектар жер майданы жергиликли ҳәкимликлердиң резерв фондына алынды. 19 мәмлекетлик мүлк объектлери нәтийжели пайдаланыў ушын Орай балансына алып қойылды.

 

 

 

Бүгинги күнде республика аймағында жайласқан 90 бос турған имарат ҳәм қурылмаларды  ижараға бериўге ҳәм 15 бос турған имарат ҳәм қурылмаларды сатыўға электрон онлайн аукцион саўдаларына қойылған.

Брифинг қатнасыўшылары ижараға бериўшиниң ҳәм алыўшының миннетлери, сатып алынған объектлерди мақсетке муўапық пайдаланбаса оларға көрилетуғын шаралар ҳәм басқа да тараўға байланыслы мәселелер бойынша сораўларына жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.