Усы жыл 3-февраль күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм партияның Жоқарғы Кеңестеги фракциясының биргеликтеги мәжилиси болып өтти. 

Илажға фракция ағзалары, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 2021-жылға белгиленген ис-режесинде Өзбекстан Республикасының «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы, Қарақалпақстан Республикасының «Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентииниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекстан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, 2018-жыл 28-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар, бул бағдарда орын алып атырған кемшиликлер бойынша тийисли шөлкем ўәкиллериниң есабатын тыңлаў белгиленген еди. Усыннан келип шыққан ҳалда тараў басшыларының бул бойынша мағлыўматы тыңланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Мәдений мийрас департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасының баслығы Қ.Шарипов, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Б.Қусекеев, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты директорының орынбасары, тарийх илимлериниң кандидаты М.Қарлыбаев шығып сөйлеп, археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўдың бүгинги жағдайы, туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, орын алып атырған айырым кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине тоқтап өтти.

 

 

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги «Материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери миллий дизимин тастыйықлаў  ҳаққында»ғы қарары менен республикамыз  аймағындағы 288 мәдений мийрас объекти қайта тастыйықланып киргизилди.  Соннан 131и археологиялық, 24и архитехтуралық, 88 и монументал көркем өнер естеликлери ҳәм 45 и дыққатқа ылайық орынлар есапланады.

Өткен жылдың декабрь айы ҳалатына 287 объекттиң кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилип, дизимнен өткерилди ҳәм бирден-бир системаға тийисли мәлимлемелер жайластырылды. Материаллық мәдений мийрас объектлерине туристлер ҳәм халықтың кириўин электрон есапқа алыў ушын турникет және ҳәр бир объектке тийисли белги орнатылмақта. Аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары менен биргеликте усы объектлерге жәмийетлик инспекторларды бириктириў жумыслары алып барылмақта. Соннан бүгинги күнге Нөкис қаласында ҳәм районларда 40 жәмийетлик инспектор бириктирилди.

Республикамыз аймағындағы туристлер көп баратуғын мәдений мийрас объектлери жайласқан Нөкис қаласы, Төрткүл, Беруний, Елликқала, Әмиўдәрья, Қараөзек, Хожели, Қоңырат, Мойнақ, Кегейли районлары аймақларындағы автомагистрал жолдың бойларына жол көрсеткиш белгилери орнатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентииниң «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, бул бойынша белгиленген илажлар режесине муўапық республикамыз аймағындағы әййемги ҳәм бай мәдений мийрастың халықаралық көлемде тән алыныўына ерисиў мақсетинде ЮНЕСКО ның улыўма дүнья жүзилик мийрас дизимине киргизиў бойынша «Саҳрадағы қорғанлар» объектлериниң дизими қәлиплестирилди ҳәм бул бойынша Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс берилди. Бул объектлер ҳәзирги ўақытта Мәденият министрлиги, Мәдений мийрас департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, район ҳәкимликлери, шөлкемлер, илимпазлар менен биргеликте үйренип шығылып, тийисли ҳүжжетлер таярланбақта.

 

 

-2020-2021-жылларда «Режеп Халифа» мешит-медресе, «Шылпық қорғаны»  архитехтуралық объектлеринде, «Ийшан қала» архитехтуралық комплексинде консервация-реставрация жумысларын ҳәм «Ақшахан қала» архитехтуралық объектинде археологиялық илимий-изертлеў жумысларын алып барыў ушын Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң 2021-жылғы режесине киргизилди,-дейди Мәдений мийрас департаменти Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасының баслығы Қуўанышбек Шарипов.- Бүгинги күнге Мәдений мийрас департаменти жанындағы Илимий-эксперт Кеңесиниң экспертизасынан өткериў ушын тийисли ҳүжжетлер және мағлыўматлар тапсырылды.

Мәжилисте депутатлар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.