Олий Мажлис Сенатында

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң парламент жоқары палатасының он екинши жалпы мәжилиси алдынан видеоконференцбайланыс түринде мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте дәслеп «Сайлаў нызамшылығы жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққына»ғы нызам додаланды.

Енди усы нызам менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына, «Референдум жуўмақлары және мәмлекетлик ҳәкимият шөлкемлестирилиўиниң тийкарғы принциплери ҳаққында»ғы конституциялық нызамның 3-статьясына, Сайлаў кодексиниң 29-статьясына, «Сиясий партияларды қаржыландырыў ҳаққында»ғы нызамның 6-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

– Бизге белгили, әмелдеги Конституцияның 117-статьясына муўапық, Президент сайлаўы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларына сайлаўларға тийислисинше олардың конституциялық ўәкиллик мүддетти тамамланатуғын жылда – декабрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткерилетуғын еди. Жаңа өзгерислерге бола, сайлаўлар октябрь айының үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткериледи, – деди Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы Баҳодир Юнусов. – Сайлаўға байланыслы бул нызамда сайлаў комиссияларының жумысын жетилистириў бағдарында да бир қатар жаңалықлар нәзерде тутылған. Нызамда Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының усыныслары тийкарында сайлаў комиссиялары талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириўге байланыслы ўазыйпасы шығарып тасланбақта.

Сайлаў алды үгит-нәсиятлаў дәўиринде мәмлекетлик ресурслардан пайдаланыў қадаған етилмекте. Сайлаўдың нәтийжелерин жәриялаў мүддеттлери тийкарсыз созылыўының алдын алыў мақсетинде сайлаў комиссиялары қарарларының үстинен шағым мүддеттин 10 күннен 5 күнге шекем қысқартыў бойынша әҳмийетли өзгерислер киргизилди. Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине сайлаў өткериўши округлик сайлаў комиссиялары институты сапластырылмақта ҳәм олардың ўәкилликлери район (қала) лық сайлаў комиссияларына жүкленбекте. Сырт елде жасап атырған Өзбекстан пуқараларының дипломатиялық ўәкилликханалардың  консуллық есабында болыўы ямаса болмаўына қарамастан, сайлаўшылардың дизимине киргизиў тәртиби, сырт мәмлекетлерде  сайлаўшылар жасап  ямаса ислеп атырған жеринде биргеликтеги сайлаў қутылары арқалы даўыс бериўиниң ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта.

Нызам жойбарында  белгиленип атырған нормалар өткен дәўир ишинде мәмлекетимиздиң сайлаў системасында жүзеге келген миллий тәжирийбе ҳәм сырт мәмлекетлердиң бул бағдардағы унамлы әмелияты тийкарында ислеп шығылған.

Мәжилисте  2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да  әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2020-жылдағы орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты дәслепки тәризде көрип шығылды. Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде улыўма 170 ҳүжжет қабыл етилген. Есабат дәўиринде жалпы ишки өнимниң өсиўи өткен жылға салыстырғанда  101,6 процентти қураған. Саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жумысының пандемия шараятында шеклениўи усы жылы саўда айланысы және хызметлер тараўының раўажланыўына унамсыз тәсир көрсеткен. Соның ишинде, саўда айланысының көлеми 194,8 триллион сумды қурап, өткен жылға  салыстырғанда  103,2 процентке  орынланған.

2020-жылы  197 ири жойбар иске қосылыўы нәтийжесинде улыўма  38 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылған. Мәжилисте сенаторлар тәрепинен Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың аймақлар кесиминде өз ўақтында ҳәм сапалы орынланғанлығы бойынша үйрениўлер өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Көрип шығылған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы