2021-жылы 29-январь күни саат 12:30лар шамасында Хожели районы «Шағала көл» МПЖ аймағының турғыны, 1994-жыл туўылған Ф.С.А «Сакон» маркалы жүк автомашинасы менен Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағынан өтиўши 4Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 19-20-километр аралығында ҳәрекетленип киятырғанында, жолдың пиядалар өтиў орнынан кесип өтип атырған «Тақыркөл» АПЖ аймағының турғыны, 2010-жылда туўылған жас өспирим О.Д.Б.ны (өспирим қыз) дүгип кеткен.

 

Нөкис районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде жас өсирим қыз сол жердиң өзинде қайтыс болған.

 

Ҳәзирги ўақытта пуқара Ф.С.А.ның ҳәрекетлери бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы тийкарында тергеў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.