USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ПАКИСТАН ДЕЛЕГАЦИЯСЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-февраль күни Пакистан Ислам Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи Абдул Раззоқ Довудты  қабыл етти.

Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы  еки мәмлекеттиң әмелий бирге ислесиўин избе-из кеңейтиўге хызмет етип атырған жедел қатнасықлар ҳәм алмасыўлар, пандемияға қарамастан, даўам еттирилип атырғанлығын атап өтти. Товар алмасыў көлеми артып,  жетекши компаниялардың биргеликтеги кооперация жойбарларының саны көбейип бармақта.

 

 

Абдул Раззоқ Довуд Өзбекстан Президентине ушырасыў шөлкемлетиргени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди және Пакистан Бас министри  Имран Ханның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Кеңесгөй Аўғанстан аймағы арқалы Орайлық ҳәм Қубла Азияны ең қысқа жол менен байланыстыратуғын, Пакистанның теңиз портларына шығыўды ҳәм олардың инфраструктурасы нәтийжели иске қосылыўын тәмийинлейтуғын темир жол қурыў жойбарын алға қойыў ҳаққындағы баслама Пакистанда жоқары баҳаланып, қоллап-қуўатланып атырғанлығын атап өтти.

Еки тәреплеме экономикалық қатнасықлардың басқа да  әҳмийетли  мәселелери де көрип шығылды.

Автомобиль ҳәм ҳаўа транспортында жүк тасыўларды раўажландырыў имканиятларын көрип шығыў, преференциал  саўда ҳаққындағы келисимди таярлаў, бажыхана жумысы тараўында тәжирийбе алмасыў, исбилерменлер арасындағы қатнасықты жедделлестириў ҳәм исбилерменлик илажларын өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.

Жоқары дәрежедеги болажақ ушырасыў ҳәм пикирлесиўлердиң режеси келисип алынды.

 

 

ӨзА