Буннан 34 жыл бурын ашылған Нѳкис районындағы Балалар ҳәм жас ѳспиримлер спорт мектебинде бүгинги күни спорттын 17 түри яғный, футбол, қол тобы, бокс, стол тенниси, баскетбол,  теннис, таэквандо WTF, дзюдо, еркин гүрес, кѳркем гимнастика, волейбол, самбо, шахмат, мини футбол, гүрес, белбеўли гүрес, спорт түрлери бойынша 800 ге шамалас оқыўшылар устаз-тренерлериниң басшылығында   қызғын шынығыўлар алып бармақта.

 

 

 

Әсиресе,  мектеп тәрбияланыўшылары спорттыӊ самбо, белбеўли гүрес, таэквандо WTF  ҳәм ѳзбек қол урысы түрлеринен  тек  ғана Қарақалпақстан Республикасы кѳлеминде емес, ал Өзбекстан ҳәм жәҳән кѳлеминде бир қатар жетискенликлерди қолға киргизип келмекте.

Атап айтқанда, спорт мектебиниӊ  тәжирийбели тренерлеринен  бири болған Байрам Досбергеновтыӊ шәкиртлери Индира Елмуратова  самбо бойынша ѳткерилген жәҳән чемпионатында гүмис медалын қолға киргизген болса, Клара Дәрменбаева жәҳән чемпионы болып, пүткил район халкын қуўанышқа бѳледи.

Сондай-ақ, оның шәкиртлеринен Заҳириддин Зайтов 2020-жылдыӊ 13-15-март күнлери Бухара ўәлаятында самбо бойынша ѳткерилген Өзбекстан чемпионатында 100 кг салмақта 1-орынды ийелеген болса, сол жылдыӊ 23-27-декабрь күнлери 2002-2004-жыллары туўылған жас ѳспиримлер арасында Әндижан ўәлаятында ѳткерилген Өзбекстан чемпионатында  44 кг салмақта Наргиза Иманбаева, Умида Сулаймановалар  2-3-орынларды, 75-81  кг салмақта Асадбек  Аллабаев ҳәм Камила Тѳлегеновалар 3-орынды, 2004-2005-жыллары туўылғанлар арасында Рано Қудайбергенова 3-орынды ийелеўге миясар болды.

 

 

Ал, усы жылдыӊ 21-24-январь күнлери  ѳткерилген Қарақалпақстан чемпионатында болса, Абдуҳәким Дәрменбаев, Асадбек Аллабаев, Бекет Орынбасаров, Батырбай Камалов ҳәм Атабек Абдиреймовлар ѳз салмақ категорияларында жеӊимпаз атанып, әйне күнлери Өзбекстан чемпионатына қызғын таярлықлар кѳрмекте.

А.Оразов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.