Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза

Шавкат Мирзиёевқа

 

Уллы Мәртебели Мырза!

Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын шын кеўилден қутлықлаўға рухсат еткейсиз.

Пакистан ҳәм Өзбекстанды мәденият, дин ҳәм дәстүрлер үнлеслигине тийкарланған тығыз қатнасықлар байланыстырып турыпты. Бизиң тарийхый ҳәм даўамлы байланысларымыз миллий өзлигимиздиң ажыралмас бөлеги болып есапланады. Халқымыз Самарқанд ҳәм Бухара қалаларына терең ҳүрмет пенен қарайды.

Мәмлекетлеримиздиң раўажланыўы ушын биз еки тәреплеме саўда қатнасықларын кеңейтиўимиз ҳәм экономикалық шерикликти беккемлеўимиз зәрүр екенлигине беккем исенемен. Регионымыз үлкен инсаный ҳәм тәбийғый ресурсларға ийе. Барлық тараўларда регионаллық өз-ара байланыслылықты күшейтиў мақсетинде экономикаларымыздың бир-бирин өз-ара толықтырып турыўынан нәтийжели пайдаланыўымыз керек.

Өзбекстан Республикасы ҳүкимет делегациясының 2020-жыл сентябрь айында Пакистанға сапары ўақтында Саўда-экономикалық мәселелер бойынша қоспа жумысшы топар дүзиў ҳәм жақын арада оның биринши мәжилисин Ташкент қаласында өткериў ҳаққында келисимге ерисилген еди.

Мениң саўда ҳәм инвестициялар бойынша мәсләҳәтшимниң Өзбекстанға сапары даўамында еки тәреплеме саўда мәселелери менен бир қатарда темир жол коридорларын раўажландырыў, банк тараўында, экономикалық ҳәм инвестициялық бағдарлардағы бирге ислесиўдиң перспективалары көрип шығылатуғынын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Бул сапар етиў улыўма мақсетлерге және де алға қәдем таслаўымыз ушын жаңа имканиятларды ашады.

Мен еки тәреплеме қатнасықлардың барлық потенциалын иске қосыўдың исенимли тәрепдарыман.

Сизге Алла тааладан саў-саламатлық ҳәм бахыт-ығбал, Өзбекстан халқына болса даўамлы раўажланыў ҳәм абаданлық бериўин сорап қаламан.

Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Имрон ХАН,
Пакистан Ислам Республикасының Бас министри