Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң 2021-жыл 1-февральдағы қарары менен бир топар сенаторларға арнаўлы статуслар берилди.

«Әдалатлы сенатор», «Халықшыл сенатор», «Мийнеткеш сенатор» ҳәм «Ҳүрметли сенатор»лар ким екенлиги белгили болды.

Атап айтқанда, Сенат ағзаларын руўхый ҳәм материаллық хошаметлеў бойынша комиссияның 2021-жыл 26-январьдағы усынысларын көрип шығып, төмендегилерге статус берилди:

Орал Аминовна Атаниязоваға – «Әдалатлы сенатор»;

Махмуджан Тоировқа – «Халықшыл сенатор»;

Фармон Исхакович Тошевқа – «Мийнеткеш сенатор»;

Сайёра Рахматовна Баратоваға – «Ҳүрметли сенатор»;

Бахром Мамажановқа – «Ҳүрметли сенатор»;

Шукуржан Маматқуловқа – «Ҳүрметли сенатор» статуслары берилсин.

Бул статусларға ерискен Сенат ағзалары және бурынғы сенаторлар сертификат ҳәм белгиленген тәртипте бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәти Қарақалпақстан Медицина институтының ректоры, медицина илимлериниң докторы Орал Аминовна Атаниязованы қутлықлап, сенаторлық, илимий-педагогикалық ҳәм халқымыздың саламатлығын сақлаў жолындағы ислеринде табыслар тилейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.