Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты улыўма билим бериў мектеплеринде кең түрде үгит-нәсиятланбақта.

Усы мақсеттеги ушырасыў Қараөзек районы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти. Онда «Адолат» социал-демократиялық партиясы районлық Кеңесиниң хызметкерлери, депутатлар қатнасты.

Илажда районлық Кеңестиң депутаты С.Сайымова Мүрәжаттың мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берди.

 

 

Онда атап өтилгениндей, дүнья тәжирийбеси соны көрсетеди, жас әўладты ҳәр тәреплеме бәркамал етип камалға келтириў ушын жумсалған инвестиция жәмийетке он, жүз есе пайда келтиреди Солай екен, «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады» деген идея тийкарында быйылғы жылы да кең көлемли реформаларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

2021-жылға елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама берилиўинде де үлкен мәни бар.  Президентимиздиң  басламасы менен елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, халықтың саламатлығын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, мектеп билимлендириўин түп-тийкарынан жақсылаў, оның сапасын арттырыў, муғаллимлерге мүнәсип шараят жаратыў ҳәмийше мәмлекетимиздиң итибарында болып келмекте.  Себеби, жәмийетте оқытыўшы кәсиби ең абырайлы кәсип болып қала береди.

Илажда оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.