Британиялы диетологлар қарындағы майды жоқ етиўге жәрдем беретуғын азық-аўқат өнимлерин санап өтти, деп жазады «The Daily Express» редакциясы.

Қәнигелердиң пикирине бола, биринши гезекте, қурамында белок көп болған балық жеўи керек. Атап айтқанда, илимпазлар аўқатлық затқа тунец балығын қосыўды мәсләҳәт береди. Себеби оның қурамында басқа балықларға қарағанда май азырақ.

Экспертлердиң пикиринше, аўқатлық затқа киргизиў керек болған және бир өним бул мәйек болып есапланады. Жақында өткерилген изертлеўлер азанғы чай ўақтында мәйек жеген адамлар сонша калорияға ийе углеводлы азанғы чайды ишкенлерге қарағанда 65 процент көбирек салмақ жоғалтатуғынын көрсетти. Диетологлар бул нәтийжени таўық мәйеклериниң тойғанлық сезимин бериўи және азық-аўқатқа болған умтылысын азайтыўы менен түсиндирди.

Буннан тысқары, асқазанында артықша килограммлардан қутылыўды қәлеўшилер аўқатлық затқа клубника, малина ҳәм черниканы қосыўы зәрүр.Бул резаворлар клетчатканың әжайып дәреги болып, сиңириўди жақсылайды ҳәм қарынның исиўине қарсы гүресиўге жәрдем береди.

Диетологлар, сондай-ақ, ғарбызды тез-тезден жеўди мәсләҳәт береди. Оның қурамында ликопин элементи болып, ол организмниң калорияларды жағыў қәбилетин жақсылайтуғын аминокислота-аргинин дәрежесин арттырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.