USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫ КЕНГАШИНИҢ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

 

2021-жыл 1-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

 

 

 

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши  жалпы мәжилисин 2021-жыл 5-февраль күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Видеоконференцбайланыс түринде болып өтетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелердиң көрип шығылыўы нәзерде тутылған. Соның ишинде, «Сайлаў нызамшылығы жетистирилиўи  мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Жынаят және Жынаят-процессуал кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын додалаў режелестирилген.

 

 

 

Буннан тысқары, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2020-жылдағы орынланыўы бойынша  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты, қалаберди, Боёвут, Бостан, Алат, Тўрақўрған, Қаршы районлары ҳәм Каттақўрған қаласын 2020-2022-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм қәмбағаллықты қысқартыў илажлары бағдарламаларының орынланыўын үйрениў нәтийжелериниң додаланыўы нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, илимий жумысты раўажландырыў ушын көрилип атырған илажлар, мәмлекетимизде тасқынлар, сел ағыслары, көшки қәўипи бар таў ҳәм таў алды аймақларында жайласқан елатлы пунктлер және экономикалық объектлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўының нәтийжелери және басқа да мәселелер көрип шығылатуғыны режелестирилген.

 

 

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети