Мойнақ районы ҳәкимлигинде «Шаңарақ қатнасықларын беккемлеў ҳәм инсан турмысында шаңарақтың ролин және де арттырыў» атамасында ҳаял-қызлар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

 

 

Ушырасыўда шаңарақлардың беккем болыўы, жас әўлад тәрбиясында, ата-ананың орны, шаңарақта  ене ҳәм келинниң өз-ара мүнәсибетлери ҳаққында пикирлесиўлер болып өтти.

– Ушырасыў оғада мазмунлы болды,-дейди «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Генжегүл Тилеўмуратова. – Шынында да ҳаял – шаңарақтың уйытқысы. Онда тәжирийбели, көпти көрген ҳаяллар турмыслық тәжирийбелерин бөлисип, жас шаңарақ бийкелери менен өз-ара пикир алысты.

 

 

 

Ушырасыўда ҳаял-қызлардың өзин-өзи бәнт етиўи арқалы шаңарағына  дәрамат табыўы, жәмийеттен өзиниң мүнәсип орнын табыўы мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Бул ушын Мойнақ районында жаратылған шараятлар, әмелге асырыў жоллары туўралы түсиниклер берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.