Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-ҳәм 31-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын баҳалаў бойынша PISA, PIRLS, халықаралық изертлеўлерге қатнасыўға таярлық көриўде әмелий-методикалық жәрдем бериў мақсетинде мастер- класс өткерилди.

Илажға мектептиң жоқары класс оқыўшыларының  ата-аналары, пән оқытыўшылары ҳәм тренер-оқытыўшылар  қатнасты.

 

 

Онда быйылғы жылы апрель айында район орайындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде PIRLS (Progress in International Reading and Literacy Study) шеңберинде баслаўыш класс оқыўшыларының теманы оқыў ҳәм түсиниў дәрежесин  баҳалаў ушын мониторинг жумыслары алып барылатуғыны, Қубла Кореяның Өзбекстандағы жоқары оқыў орны   есапланған ЁДЖУ (YTIT) институтына мектеп питкериўшилериниң ҳүжжет тапсырыўы бойынша кеңнен түсиниклер берилди.

 

 

Илаж қатнасыўшылары халықаралық баҳалаў бағдарламасы бойынша мағлыўматлар алып, билим көнликпелерин беккемледи.

Илажда еки мектеп педагогикалық жәмәәти алдында турған ўазыйпалар ҳәм «Жол картасы»н белгиленди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы