USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЕСКИ ҚАЛАДА ЖАҢА  ТАРИЙХ ЖАРАТЫЛМАҚТА

 

 

Ағартыўшы халқымыз Ташкенттиң Ески қала кесиминде буннан еки ярым жыл бурын қурылысы басланған Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының питиўин сабырсызлық ҳәм толқынланыўшылық   пенен күтпекте.

Усы ўақыт ишинде пайтахтымыздың барлық аймақларында көп қабатлы жайлар, мийманханалар, бизнес орайлары, басқа объектлер көкке бой көтерди. Бирақ Ески қалаға жоқарыдан қаралса, пәс келтек ҳәўлилер, қыйсық көшелер көринетуғын еди. Енди бул жерде саўлатлы комплекс бой тиклеп, қаланың көп әсирлик тарийхый келбетин өзгертпекте. Бул жерде жаңа Өзбекстанның өтмиши менен үнлес жаңа тарийх жаратылмақта.

 

 

 

 

Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен диний-ағартыўшылық тараўда көплеген жақсы жумыслар исленди – Самарқандта Имам Бухарий, Термизде Имам Термизий атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайлары қурылды. Ҳәзирги ўақытта дин ҳәм калом илиминиң раўажланыўына бийбаҳа үлес қосқан Имам Матуридий, Абу Муин Насафий сыяқлы уламаларымыздың үлкен мийрасын терең енгизиў мақсетинде олардың атындағы илимий орайлар шөлкемлестирилип атыр. Бул жумыслар уллы ата-бабаларымыздың ислам дининиң раўажланыўына қосқан бийбаҳа үлесин, олардың пүткил дүнья қәдирлейтуғын илимий мийрасын үйрениўге кең жол ашты.

Мәмлекетимизде миллий-диний қәдриятларды қәстерлеп сақлаў, сол тийкарда жас жас әўладты улыўма инсаныйлық идеялар руўхында тәрбиялаў бағдарында жумыслар избе-из алып барылмақта. Миллетлераралық ҳәм динлераралық кеңпейиллик орталығы беккемленип, көп миллетли халқымыздың диний еркинлиги тәмийинленбекте.

 

 

 

 

 

2018-жылы БМШ Бас Ассамбелясы Өзбекстан Президенти алға қойған «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыл еткен еди. Жақында АҚШ мәмлекетлик департаменти тәрепинен Өзбекстан диний еркинлик тараўындағы «арнаўлы бақлаўдағы мәмлекетлер» дизиминен шығарылды.

Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы улыўма адамзат цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасын үйрениў, динимиздиң тийкарғы орталығын бәринен бурын халқымызға, дүнья жәмийетшилигине жеткериў, жәмийетте «жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципин күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылларда орай қурылып атырған аймаққа бир неше мәрте келип, оны шырайлы ҳәм сапалы етип қурыў, дүнья илимпазларының пикирин үйренип, мазмунын байытыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Президент Шавкат Мирзиёев 29-январь, жума күни бул орайға барып, усы  бағдарда әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Орай имаратының жойбары, ишки ҳәм сыртқы дизайни, музей экспозицияларының мазмуны бойынша дүньяның жетик илимпазлары, исламтаныўшы ҳәм көркем өнер таныўшылары менен пикирлескен. Сол тийкарда илимий-тарийхый концепция ислеп шығылған.

Сапар ўақтында усы концепцияның презентациясы өткерилди.

– Бүгин бул жерге келиўимизден мақсет – муқаддес динимиздиң жақсылық, адамгершилик дини екенлигин, ағартыўшылыққа, илимге бағдарлайтуғынын, ата-бабаларымыз оған шексиз үлес қосқанын тастыйықлаўшы илимий нәтийжелерди көриў ҳәм жаңа изертлеўлерге тийкар жаратыў. Ҳәзир саўлатлы имарат қурыў аңсат болып қалды. Мине, ата-бабаларымызға мүнәсип имарат қурдық. Енди ата-бабаларымызға мүнәсип илимий орталық жаратыўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул жас әўладта мақтаныш, ғайрат оятып, жаңа раўажланыў дәўирине ийермелейтуғыны атап өтилди.

– Көпшилик: не ушын Президент еки Ренессансты еследи, деп ойлайды. Бул – идея, келешектеги мақсетимиз. Мәмлекетимиз умтылып атырған шеклер ушын тарийхымыздан руўхый күш алыўымыз керек! Бул орай Үшинши Ренессанс тырнағынан бири болатуғынына үмит етемиз. Себеби ол илимий, дүньялық, заманагөй орай болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Орай экспозициялары бойынша халқымыздың пикирин де үйрениў, сол мақсетте таңлаў жәриялап, ең жақсы идея ҳәм усынысларды көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Елимизден оғада көп илимпазлар, мухаддислер, данышпанлар жетисип шыққан, олардың мийрасы оннан да көп. Бирақ тән алыў керек, бул үлкен дәректи терең үйренбедик. Соның ушын бул орай қандай уллы ел екенимизди және бир мәрте илимий тийкарлап, халықшыл түсиндирип беретуғын болыўы керек. Бул жерде миллий идея йош урып турыўы зәрүр. Орайға келген адамларда, жасларымызда руўхый күш, руўхый исеним пайда болыўы керек, – деп атап өтти Президент.

UNESCO, ISESCO сыяқлы халықаралық шөлкемлер, илимий орайлар менен бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Өзи бүгин дүньяда математика, физика, геометрия, астрономия, медицина сыяқлы фундаменталь тараўларда қолланылып атырған қағыйдалар, формулалар илимпаз ата-бабаларымыздың ойлап табыўларына тийкарланған. Орта әсирлердеги биринши дәреклерде ата-бабаларамыздың атына силтемелер берилген. Бирақ кейингилеринде жоғалып кеткен. Егер сол ўақытларда Нобель сыйлығы болғанында, ең көп сыйлықланғанлар бизиң елимизден шығар еди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сонлықтан биринши дәреклерди үйрениў мақсетинде Өзбекстан Илимлер академиясының Тарийх институтына қосымша қаржы, изертлеўшилерге грантлар ажыратыў бойынша көрсетпе берилди.

Орай ушын тәжирийбели гид-аўдармашылар таярлаў, олардың мәмлекетимизде ислам дининиң кең ен жайылыўы ҳәм илимниң раўажланыўы бойынша қәнигелестириў ўазыйпасы қойылды.

Уллы илимпазларымыздың илимий мийрасын жасларға заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында жеткериў ушын бул жерде Мультимедиа орайын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бунсыз үлкен нәтийжеге ерисип болмайды.

Сондай-ақ, самарқанд қағазы, китап түплеў ҳәм каллиграфия бойынша ески дәстүрлерди тиклеў ҳәм жолға қойыў ушын арнаўлы устахана-лаборатория, «Маданият ва маърифат» телеканалында орайдың жумысы, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы ҳаққында турақлы берип барылатуғын арнаўлы көрсетиў шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев ислам цивилизациясы орайының қурылыс процесин көзден өткерди.

Орай үш қабатлы болып, бүгинги күнде толық бой тиклеген. Оның орайында үлкен шығысқа тән гүмбез, төрт тәрепинде 34 метрлик бағаналар (сүтинлер) қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир  ханаға кирип, оларды пардозлаў ҳәм үскенелеўге байланыслы жойбарларды көрди.

Орайдың ишки ҳәм сыртқы көриниси, нағыслары бойынша усыныслар берилди. Ханаларды көплеген туристлер, делегациялардың келиўи, халықаралық конференциялар өткерилиўин инабатқа алып, заманагөй үскенелеў, экспозицияны түрли жастағы адамларға сай түрде таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентимиз бурынғы сапары ўақтында Ислам цивилизациясы орайы усы бағдардағы илимий мәкемелер ушын тийкар болыўы, бул жерде илимпазлар изертлеў алып барып, студентлер билимин беккемлеўи керек екенлигин айтқан еди.

Соған бола, жойбар жетистирилип, орайда Халықаралық ислам академиясының магистрант ҳәм докторантларының оқыўы ушын шараят жаратыў нәзерде тутылған.

Орайдың интерьер ҳәм экстерьер нағысы, үскенелениўи, коммуникация, қәўипсизлик системалары ең алдынғы талапларға жуўап береди.

Франциялы жойбарлаўшылардың дизайни тийкарында музей экспозициясының «Илим» бөлими үлгили аймақ сыпатында көрсетиўге таярланбақта. Усы экспозицияда Ўатанымыздың тарийхый ҳәм заманагөй цивилизациядағы орны, уллы ата-бабаларымыздың турмысы ҳәм бай илимий мийрасы инфографика, видеоролик ҳәм ҳүжжетли фильмлер арқалы презентация етиледи.

Орайдың илимий потенциалын байытыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Усы күнге шекем оның китапханасына 761 қол жазба ҳәм тасбаспа шығармалар, дерлик 12 мың баспа ҳәм 55 мың электрон китап, 4  мың 923 бийбаҳа шығармадан ибарат «Шығыс ҳәм Батыс» ҳәм «Араб ислам дүньясы» коллекциялары, көплеген фильмлер, тарийхый ҳүжжетлер қабыл етилди. Уллы Британияның «Ал-Фурқон» қорынан жәҳән ислам қол жазбаларына байланыслы  117 томлық каталог алып келинди.

Орайдың жумысын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Уллы Британия, Германия, Франция сыяқлы мәмлекетлерде презентациялар, «Өзбекстан – ислам мәдениятының гәўҳары» атамасындағы фотокөргизбелер өткерилди.

Бүгинги күнде Ислам цивилизациясы орайы 15 сырт ел мәкемелери менен бирге ислесиўди жолға қойған. Елимизге келген көплеген сырт ел делегациялары және дипломатиялық ўәкилханалардың ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, орайдың жойбары ҳәм музей экспозияларының мазмуны бойынша пикир-усыныслар алынбақта.

Жақында Саудия Арабастаны делегациясының елимизге сапары ўақтында бул мәмлекет пенен ислам изертлеўлери бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў мәселеси додаланды. Сонда саудиялы мийманлар Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайының филиалын Ар-Риёдтағы Сауд ал-Файсал атындағы илимий-изертлеў орайында ашыўды усыныс етти. Бул да усы орай ислам дүньясында тән алынып атырғанлығынан дәрек береди.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде илимпазлар, зыялылар, нуранийлер ҳәм мәҳәлле басшылары менен сәўбетлести.

– Миллий өзликти аңлаў деп көп айтамыз. Бирақ, соған мүнәсип болып атырмыз ба, деген сезим мени қыйнайды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ата-бабаларымыз қыйын шараятларда, мийнет – машақат пенен қандай уллы ислерди әмелге асырған. Жадид бабаларамыз да бийкарға репрессияға ушырамаған. Себеби илим,мақтаныш, мәмлекетшилик бизиң қанымызда бар екенлигин билер еди. Бул жерде барлық уллы ата-бабаларымыздың ҳаўазы еситилип турады.

Орай жайласқан Алмазар районындағы ҳәр бир мәҳәлле усыағартыўышылық орайына мүнәсип болыўы, билим, тәрбия жағынан усынысларын бериўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Усыны әмелге асырсақ, ҳәр бир мәҳәллеге Ислам цивилиазциясы орайының нуры киреди, жүзимиз жарқын болады, деди Президент.

 

 

 

 

Ушырасыўда мәҳәлле басшылары, нуранийлер шығып сөйлеп, бул орай ата-бабалар тарийхынан сабақ, мийрасынан билим алатуғын теберик орай болып атырғанлығын атап өтти. Мәмлекетимиз басшысының басламасын қоллап-қуўатлап, өз мәҳәллесинде математика, сүўретшилер, шайырлар мектеплерин ашыў, Ташкент тарийхы, Қуран, ҳадис ҳәм каллиграфияны үйрениўди жолға қойыў сыяқлы усынысларды билдирди. Бундай идеялар таңланып, пайтахтымыздағы 58 мәҳәллеге таралса, жас әўладты ўатансүйиўшилик, адамгершилик, жақсылық сезимлери тийкарында, илимди сүйетуғын инсанлар етип тәрбиялаўда бийтәкирар дәрек болып хызмет ететуғынлығы атап өтилди.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы