1-февраль, дүйшемби күнинен баслап Өзбекстанда метан газдиң баҳасы 2800 сумға шекем көтериледи. Бул ҳаққында «Effect.uz» сайты хабар берди.

 

Мәлим болыўынша, қысылған газ ҳәм энергия ресурсларына болған акциз салығы көтерилгени себепли 2021-жыл 1-февральдан баслап 1 кубометр газдиң баҳасы 2800 сумға шекем қымбатлайды.

 

Еслетип өтемиз, 2021-жыл 1-февральдан бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы және стипендиялар муғдары 1,1 есеге (10 процентке) көбейтиледи.

 

Яғный:

 

Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 747 300 сум;

Базалық есаплаў муғдары – 245 000 сум;

Бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа – 434 000 сум;

Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем 326 000 сумнан 653 000 сумға шекем етип белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.