Усы жыл 30-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы болып өтти.

Онда Олий Мажлис Сенатының ҳәм ҳүкимет ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

 

 

 

 

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде дәслеп «Арқа-батыс әскерий округиниң 2020-жылда әмелге асырылған ислери ҳәм 2021-жылға белгиленген режелер туўралы Арқа-батыс әскерий округи сәркардасының мәлимлемеси ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша әскерий округ сәркардасы Ф.Шерматов мәлимлеме берди.

 

 

 

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиздиң қәўипсизлигин ҳәм турақлылығын тәмийинлеў, Қураллы Күшлеримиздиң қорғаныў потенциалын буннан былай да күшейтиў, әскерий тараўда алып барылып атырған реформаларды жеделлестириў, заманагөй, ҳәрекетшең, ҳәр тәреплеме жақсы қуралланған армияны шөлкемлестириў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

 

 

Соны айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң басламасы менен аймақларда қорғаныў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў мақсетинде әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди. Бул бағдарда белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын раўажландырыў илажлары басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2020-жылға белгиленген «Жол картасы» тийкарында өткен жылы 20 объектте жергиликли бюджет қаржылары есабынан қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, Қорғаныў министрлигиниң қаржысы есабынан 2 объектте капитал оңлаў, соның менен бирге,  Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий хызметкерлери ҳәм Миллий гвардияның хызметкерлери ушын жәми 90 квартиралы 5 этажлы 3 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

 

 

2021-жыл даўамында әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын раўажландырыў мақсетинде 3 бөлим 53 бәнттен ибарат «Жол картасы» ислеп шығылып, Жоқарғы Кеңес Президиумының қарары тийкарында тастыйықланды. Онда быйылғы жылда Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлериниң бир қатар объектлеринде қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Усы жылдың 12-январь күни өткерилген Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде елимиздиң басшысы әскерий билимлендириў тараўында басланған реформаларды үзликсиз даўам еттириў, жоқары әскерий билимлендириў орынлары, лицей ҳәм колледжлер, атап айтқанда, «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, оларда билим алып атырған оқыўшылардың қәлбинде миллий руўх, ана Ўатанға меҳир ҳәм садықлық, әдиллик сезимин ҳәр тәреплеме күшейтиў, Қураллы Күшлерде жаратылған заманагөй инфраструктурадан пайдаланған ҳалда жәмлеспеген жасларды әскерий ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў менен бирге, мийнет базарында талап етилетуғын кәсип-өнерге үйретиў жумысларын жолға қойыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бүгинги күни усы тапсырмалардың өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша тараў басшылары менен биргеликте жумыслар алып барылмақта.

Депутатлар күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы тәрепинен  2020-жылда әмелге асырылған жумыслар туўралы бас басқарма баслығының мәлимлемеси ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша бас басқарма баслығы Б.Алланиязовтың мәлимлемеси тыңланды ҳәм депутатлар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

 

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он төртинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети баслығы Б.Алиханов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.