ҲҮЖДАНҒА ТАПСЫРМА…

Ана тил! Мақтаўыма мүтәж емессең,

Аралды мақтап-мақтап, кейни не болды?!…

Сен бүгин қорғаўыма күтә зәрүрсең…

(Б.Генжемуратов)

Соңғы ўақытларда Ана тилимиз болған қарақалпақ тилиниң тәғдири, ондағы сөзлердиң қолланылыў өрисиниң тарайып баратырғаны көпшиликти тәшўишлендиретуғын ҳәм көп додалаўларға себеп болатуғын мәселелердиң бири болып атыр. Шайыр қосығында айтылғаны сыяқлы, тилимизге «жат сөзлердиң қонақ болып жайласып алып, төримизге султан болғаны ҳәм өз сөзлеримиздиң шийден сыртта қалып» тилимиздиң «қурақ көрпешедей» (журналисттиң сөзи Б.Г.)  болып баратырғанлығы күнниң ашшы ҳақыйқаты.

Бүгинге шекем қарақалпақ тили ҳаққында көплеген илимий диссертациялар жақланды, китаплар, монографиялар шығарылды, шайырлар қосықлар, журналистлер мақалалар жазды ҳәм жазып атыр… Бизиң мақаламыз да және сол тил туўралы, бирақ бизди илимпаз-педагог сыпатында бул машқаланың пайда болыў себеби ҳәм оның шешими қандай болыўы кереклиги қызықтырады.

Демек, не ушын бүгинде көпшилик, әсиресе, жаслар қарақалпақ тилинде таза сөйлеўге қыйналады?

Не себеп газета, радио, телевидениениң айырым журналистлери де сөзлерди қолланыўда көп стильлик қәтелерге жол қояды?

Неликтен, көк экранымыздағы қарақалпақ тилине аўдарылып ҳәм қайта даўыс берилип атырған кинофильм ҳәм мультфильмлерде бул ҳалатлар әдеттеги жағдайға айланып баратыр?

Неге көшеде ҳәм жәмийетлик орынларда қыстырылған дағазалар, ҳәр қыйлы темадағы жазыўлар қәтелерге оғада бай?

Бизиңше, усыған уқсаған тил менен байланыслы бундай жағдайлардың барлық тараўларда өршип кетиўине СЕБЕП– бул мектеплерде Ана тили пәниниң оқытылыў ҳәм үйретилиў методикасының дурыс шөлкемлестирилмегенлиги ҳәм Ана тилин үйрениўге арналған мектеп сабақлықларының тематикасы ҳәм мазмуны болып табылады.

Бул жерде гәп: мектеп муғаллимлериниң педагогикалық шеберлиги ямаса сабақлық авторлары ҳаққында емес.  Бәлки, тилди үйрениўге арналған мектеп сабақлықларындағы темалардың теориялық ҳәм әмелий көриниси туўралы. Пикиримиз түсиниклирек болыўы ушын келиң, 6-класс қарақалпақ тили сабақлығы ҳәм ана тили пәни бойынша тематикалық жобаны азы-кем талқыға тартамыз. Мәселен, 6-класста Ана тилиниң тематикалық жобасында темалар мына көринисте бериледи.

  1. Кирисиў. Дүнья тиллери
  2. Буўын. Буўынның түрлери
  3. Сөзлерди өткермелеў
  4. Өткермелеўдиң қағыйдалары
  5. Үнлеслик нызамы ҳаққында түсиник
  6. Ерин үнлеслиги. Таңлай үнлеслиги… ҳ.т.б….

Бир қарағанда буның ҳешқандай надурыс жерин аңламаймыз. Теориялық жақтан темалар дурыс избе-изликте берилген. Бирақ, бул темалар туўралы тереңирек ойлап көрип, мынадай сораўларға жуўап бериўимиз керек болады.

Адамның тилди үйрениўдеги мақсети не? Тилди билиў не ушын зәрүр? Тил билиўдиң бизиң жәмийетлик-социаллық өмиримиздеги әҳмийети қандай ҳәм тил арқалы биз өмирде нелерге ерисиўимиз мүмкин?

«Дурыс қойылған сораў – жуўаптың ярымы». Мине, бул анық сораўларға жуўап излесек, бизиң тил менен байланыслы машқаламыздың себеби бираз айқынласқандай болады.

Анығырақ айтқанда, бизиң Ана тили пәни бойынша темаларымыздың мақсети балаға тилден қашан, қай жерде ҳәм қалай пайдаланыўды үйретиўге емес, көбирек оның қағыйдасын билиўге бағдарланған. Мысалы: сабақлықта «Үнлеслик нызамы» деген теманың қағыйдасы мынадай: «Түбир сөз бенен қосымтаның, буўынлардың, сөз дизбеклериниң араларындағы сеслердиң бир-бирине тәсир етип үнлесип келиўине үнлеслик нызамы делинеди.

Үнлеслик нызамы 2 ге бөлинеди. 1. Буўын үлеслиги. 2. Сес үнлеслиги» Енди усы теманы беккемлеўге арналған шынығыўға дыққат қаратайық:

20-shınıǵıw. Oqıń. Bul sózlerdegi túbir menen qosımtanıń arasındaǵı seslerdiń, birikken sózler menen sóz dizbekleriniń buwınlarınıń qalay únlesip kelgenine itibar beriń.

salıǵa, mektepke, terekke, oraqtı, qawındı, júwerini, gúnjige, lobiyadan, belbew, birqazan, aqqutan, qarabaraq, qolǵap, jarǵanat, aybalta, aqterek, tósqalta, temir jol, ayaq kiyim, biyday reńli, on bir, on jeti. (6-класс. 14-б).

 

Мине, бизиң баслы қәтемиз усы жерден басланады. Мысалы: шынығыўдың шәрти бойынша оқыўшы бул сөзлерди буўынға ажыратыўы керек. Бала түбир ҳәм қосымтаны табады және түбир сөздиң ақыры даўыслы ма я даўыссыз сес пе, үнли ме, үнсиз бе, соған қарап буўын ямаса сес үнлеслигин табыўы тийис. Үйге тапсырма ушын да усыған усаған шынығыў бериледи.

Енди ойланайық: 12-13 жасар балаға сеслердиң даўыслы яки даўыссыз екени қызықлы ма? Бала үйине барып ана тили сабағын таярлаўға үлкен қызығыўшылық пенен кирисе ме? Ертеңги болатуғын сабақты асығып күте ме?

Бул шынығыўдың орнына китапта жоқарыда келтирилген салы, жүўери, гүнжи, лобия сөзлери қатнасында, олардың бир-биринен айырмашылығы, қурамы туўралы толық мазмунлы кишигирим бир текст сүўретлери менен берилсе, оқыўшылар ушын бириншиден, сол сөзлердеги үнли яки үнсиз сести табыўы қызықлы болады,  екиншиден, ҳәр түрли егинлер туўралы, олардың пайдасы ҳаққында билимге де ийе болар еди.

Тилекке қарсы, бизиң сабақлықларымыздағы тилди үйретиў усылымыз көбинесе әмелияттан оғада қашық.

Сондай-ақ, және бир ойландыратуғын мәселе бул – баҳалаў мәселеси. Мине, усы жерде бизиң тил менен байланыслы машқаламыздағы және бир алжасығымыз жүзеге шығады, яғный биз балаларымыздың Ана тилин билиў дәрежесин баҳалаўда қандай өлшемлерге тийкарланамыз?

Бул сораўға жуўап бериў ушын ҳәр жылы мектеп оқыўшылары арасында өткерилетуғын пән олимпиадаларында (сондай-ақ, жоқары оқыў орнына кириў ушын) Ана тили бойынша дүзилетуғын тест сораўларынан мысал келтирейик:

Сораў: «Дизбекли қоспа гәплер дизбеклеўши дәнекерлердиң … ҳәм… қарай төртке бөлинеди».

Жуўап: _байланыстырыў хызмети ҳәм мәнисине __

Көринип турғанындай, оқыўшы көп ноқаттың орнын толықтырыўы тийис.

(Келтирилген мысал усы жылы Нөкис қалалық пән олимпиадасында Ана тили бойынша 9-класс оқыўшыларына түскен сораў. Тиккелей өзим сол олимпиадада төреши сыпатында қатнастым ҳәм сораўларды көрип, балаларымызға жаным ашыды.Б.Г.).

Енди пикир жүргизейик: Биз ушын баланың сораўда соралғанындай, байланыстырыў хызмети ҳәм мәниси деген еки сөзди толықтырып билиўи әҳмийетли ме, ямаса дизбеклеўши дәнекерлерди қолланыў арқалы гәпти мәнилик жақтан дурыс байланыстырып, тәсирли, ықшам, мазмунлы гәп дүзе алыўы әҳмийетли ме?

Өкинишлиси сонда, биз балалардың Ана тилди билиў дәрежесин олардың сөзди қоллана алыў шеберлигине қарап емес, сабақлықлардағы қағыйдаларды қаншелли яд алғаны бойынша баҳалаймыз, яғный жоқарыдағы еки сөзди билмей қалса, «Ана тилин жақсы билмейди» деген жуўмаққа келемиз… Бизиң оқыўшылардың тилди билиў дәрежесин баҳалаў өлшемимиз мине, усындай…

Буның менен биз балаға теориялық билим шәрт емес демекши емеспиз, бирақ сол теорияны түсиндириўдеги әдис-усылларымыз балалар ушын оғада зериктирерли екенлигине дыққат аўдарғымыз келеди.

Ал, енди билимлендириў тараўында алдыңғы орынларда туратуғын мәмлекетлерде Ана тилди оқытыўда нелерге көбирек итибар бериледи?  Мысалы: бүгинги күнде дүнья жүзинде сиясий-социаллық әҳмийети жүдә жоқары тиллердиң бири болған инглис тилиниң оқытылыў методикасы қандай?

Билимлендириў тараўында жәҳәнде ең биринши орында туратуғын Финляндияда Ана тилин үйретиўде нелерди басшылыққа алады?

THINK  – ОЙЛА!  SOLUTION – ШЕШИМ!

Бул еки сөз: Ойла ҳәм Шешим инглис тилин үйрениўге арналған китаплардың атамалары. Китаптың атамасының өзи бирден адамның дыққатын өзине тартады. Енди оның ишиндеги темалар мазмунына қарайық:

7-классқа арналған «THINK» китабының дәслепки темалары ҳә дегеннен оқыўшыларды ойланыўға мәжбүрлейди. Мысалы: онда «Таңқаларлық адамлар» деген темада физикалық жақтан имканияты ҳәр қыйлы  ямаса басқа да бир өзгешеликке ийе (майып ямаса оғада атақлы, ҳәр түрли өнер ийелериниң… ҳ.т.б.) адамлардың өмири бериледи. Сабақта оқыўшылар таңқаларлық яки өзгеше адамлар ҳаққында қызықлы мағлыўматлар менен танысады, теорияны да үйренеди.

Ең қызығы, олар сабақ ўақтында өзлериниң теория үйренип атырғанын да сезбейди. Себеби, олардың қыялы пикирлеў, ойлаў менен бәнт болады.

 

Нәтийжеде, бала өмирде ушырасатуғын ҳәр қыйлы жағдайларға руўхый таярлық басқышынан да өтеди, таза сөзлер де үйренеди, жаңа сөзлерди қалай пайдаланыў туўралы теорияны да меңгереди.

Ал, финлер 5-класстың тематикалық жобасы бойынша Ана тили сабағын Финляндияның қалаларын үйрениўден баслайды. Тап сол темаларды үйрениў барысында даўыслы ҳәм даўыссыз, үнли ҳәм үнсиз сеслерди де қоса үйренип кетеди. Оннан кейин финше адам атлары, финлердиң атақлы адамларын үйренеди. Сол I-баптың өзинде «Сәлемлесиў әдеби», «Ҳайўанатлар», «Гүллер», «Саяхат», «Мәўсимлер» яғный жыл ўақытларын ҳәм теориядан 1. Атлық, 2. Келбетлик, 3. Санлық ҳ.т.б. темаларын үйренеди.

Итибар берсек, оқыўшының дыққаты ең дәслеп «Үнли ҳәм үнсиз сеслер» ге ямаса «Атлық» деген темаға қаратылмайды. Олар қалалар, ҳайўанатлар, гүллер туўралы қызықлы мағлыўматлар менен танысыў барысында теориялық билимлерди ийелейди. Соның ушын да инглислерде де, финлерде де оқыўшылар ушын Ана тили сабағы ең қызықлы пән дәрежесине көтерилген.

Демек, тил менен байланыслы машқаламыздың–ШЕШИМИ Ана тили сабағын оқыўшылар ушын қызықлы пәнге айландырыўдан басланады. Балаларымызды Ана тилимизди үйрениўге қызықтыра алмасақ, оларды Ана тилин ҳүрметлемеўде, Ана тилинде саўатлы, дурыс жаза алмаўда айыплаўға ҳақымыз жоқ!

Мине, енди усы тәжирийбелерден жуўмақ шығарып, Ана тилин   оқытыў әдисимизди, усылымызды жаңалаўымыз тийис! Усы жол менен Ана тилимизди-арымызды қорғаўымыз, оны келешек әўладқа аман тапсырыўымыз мүмкин!

…Әлбетте, бул аңсат ўазыйпа емес! Үлкен-үлкен мәмлекетлик тапсырмалар негизинде, кең көлемли жойбарлар тийкарында әмелге асырылыў керек.  Бирақ…тапсырмалардың бәри орынлана бере ме?! Тил бойынша депутатларға берилген көрсетпелер, министрге берилген тапсырмалардың ҳаўада қалып атырғаны таңланатуғын жағдай емес болып кеткени қашшан…

Соның ушын бул мәселеде ең дәслеп өз ҳүжданымызға тапсырма бериўимиз керек. Өйткени, басқа адамның берген тапсырмасын орынламай тайсалып кетиў ямаса умыттырып жибериў имканы бар. Ал, өзиңнен қаяққа қашасаң?

Солай етип, Ана тилимизди қорғаў жумысларын әмелге асырыў – ҳүжданға тапсырма!

Гүлбаҳар Бегмуратова

Нөкис қаласындағы Президент мектеби муғаллими,

 филология илимлери бойынша философия (PhD) докторы

(«Қарақалпақстан жаслары» газетасынан алынды)

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги