Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында

2021-жыл 27-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының 2020-жылы орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабатын додалады.

Халық ўәкиллери атап өткениндей, коронавирус пандемиясы дүнья мәмлекетлериниң социаллық-экономикалық өсиў пәтлерине тәсир көрсетип, өндирис процесслерин төменлетти, алдын дүзилген бир қатар перспективалы режелерди өзгертиўге мәжбүр етти.

Мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм басқа глобал қәўип-қәтерлер дәўиринде экономика тармақлары ҳәм тараўларының үлкен шығынларсыз ислеўин тәмийинлеў, халық дәраматлары кескин төменлеп кетиўиниң алдын алыўға қаратылған бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бул болса, өз гезегинде, пандемия ақыбетлерин жумсартыў және экономика тармақларындағы өсиў пәтлери кескин төменлеп кетиўиниң алдын алыўға имканият жаратты.

Қыйын болған өткен жылғы есабат дәўиринде депутатлар да пандемия шараятында жүзеге келген жағдайды дүзетиўге қаратылған илажлардың орынланыўына жәрдем бериў мақсетинде өз жумысларын бир күн де тоқтатпастан, аймақларда турақлы болып, бар машқалаларды терең таллаған ҳалда оларды орнында шешиў илажларын көрди.

Парламентке Ҳүкимет тәрепинен усыныс етилген есабатта келтирип өтилгенидей, коронавирус пандемиясының социаллық-экономикалық жағдайға тәсирин жумсартыў бағдарында өз ўақтында көрилген илжлардың нәтийжесинде 2020-жылы жалпы ишки өнимниң өсиўи 2019-жылға салыстырғанда 101,6 процентти, соннан, санаат – 100,7 хызметлер – 102,3, аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы – 103,0 процентти қураған.

Есабат дәўиринде 9,8 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициялары, соның ишинде, 7,0 миллиард АҚШ  доллары муғдарындағы тиккеллей  сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлер және халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң 2,8 миллиард доллар қаржылары өзлестирилген.

2020-жылы жалпы экспорттың көлеми 15,1 миллиард АҚШ долларын  қураған. Экспортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде мәмлекетимиз аймақларында  2,7 мыңға шамалас жаңа кәрхана экспорт жумысына тартылған, 210 жаңа түрдеги  өнимлер және айырым товар позициялары бойынша 40 жаңа мәмлекеттиң базарларына шығыўға ерисилген.

Есабатта Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде социаллық тараўды раўажландырыў мәселелерине әҳмийет қаратылғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, халық арасында жумыссызлықты азайтыў, дәраматларын арттырыў, илим ҳәм үзликсиз билимлендириўди раўажландырыў, медициналлық хызметлердиң сапасын жақсылаў, ҳаял-қызлар, жасларды социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, туризм тараўларын жетилистириўге қаратылған системалы жумыслар жүзеге шығарылған.

Тек ғана халықтың бәнтлигин тәмийнлеў тараўында  2020-жылы республика бойынша улыўма 378,1 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестирилген. Соның ишинде, исбилерменлик субъектлерине жумысын жолға қойыў, бар жумыс орынларын сақлап қалыў ҳәм ўақтынша тоқтатылған жумыс орынларын тиклеў мақсетинде жеңилликлер ҳәм преференциялар берилген. Нәтийжеде өткен жылы 66 мың жаңа юридикалық статусқа ийе болған киши бизнес субъектинде 168,9 мың жаңа жумыс  орны жаратылған.

2020-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада 284 бәнт белгиленген болып, соннан 206 бәнт толық орынланған, 20 бәнттиң мүддети белгиленген тәртипте созылған, 58 бәнттиң орынланыўы бойынша тийисли ҳүжжет жойбарлары көрип шығылмақта.

Ҳүкимет тәрепинен усыныс етилген есабат, онда келтирилген санлар, көрсеткиш ҳәм таллаўлар депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Әсиресе, сиясий  партиялар фракцияларының  алдын болып өткен мәжилислеринде Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген әҳмийетли социаллық-сиясий, социаллық-экономикалық ўазыйпалар, илажлардың орынланыў жағдайы жанлы, қызғын додалаўларға  себеп болды.

Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўына байланыслы есабат бойынша ҳәр бир сиясий партия  фракциясы өз көзқарасын, пикир ҳәм усынысларын билдирди. Парламент ағзалары әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бир қатарда, пандемия шараятында жүзеге келген объектив себеплерге байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның айырым бәнтлериниң орынланыўы кешигип атырғанлығы, айырым ўазыйпалардың орынланыўы ҳәзир де тәмийинленбегенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, ӨзЛиДеП фракциясының ағзалары Мәмлекетлик бағдарламадағы экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша әмелге асырылған жумысларға айрықша тоқтап өтти. 2020-жылдың 1-октябрине шекем жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын социаллық салықтың минимал базалық суммасы  50 процентке шекем азайтылғаны, исбилерменлердиң мүрәжатлары тийкарында өткен жылы пандемия ақыбетинде жумысы зыян көрген 3 442 киши бизнес субъектине 147 миллиард сумнан аслам салықларды төлеў мүддетти кешиктирилгенлиги  унамлы баҳаланды.

Есабат дәўиринде исбилерменлик субъектлериниң үзликсиз ислеўине шараят жаратыў, айланыс қаржыларын көбейтиў мақсетинде 5,8 мың субъектке 9 триллион  сум қосымша қун салығынан унамсыз парық суммалары бюджеттен қаплап берилгени, карантин дәўиринде коммерциялық банклер тәрепинен халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң 26,5 триллион сумлық кредитлер бойынша төлемлериниң мүддетлери 2020-жыл 1-октябрьге шекем созылғанлығын атап өтти.

Соның менен бир қатарда, коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке меншик  исбилерменлик субъектлериниң қаржыландырылыўында машқалалар бар екенлиги, инвесторлар ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде тосқынлықларға дус келип атырғанлығы, бул болса исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў бағдарында зәрүр илажлар көриўин талап ететуғынлығын атап өтти.

«Миллий тикланиш» ДП фракциясы ўәкиллери коронавирус пандемиясы менен байланыслы жүзеге келген қыйын жағдайға қарамастан, «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылғанлығын атап өтти. Атап айтқанда, мәденият тараўында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў  мақсетинде 500ден аслам мәдений-ағартыўшылық илажлардың өткерилгенлиги халқымыздың руўхый турмысында әҳмийетли орын тутқаны атап өтилди.

Соның менен бирге, ҳәр қандай қыйыншылықларға қарамастан, мәнаўият ҳәм мәрипат мәселелерине  айрықша итибар зәрүр екенлигин атап өткен ҳалда бүгинги күнде үлкен үгит-нәсиятлаў  қуралына айланған кино өнерин раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламада  белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы толық тәмийинленбегенлиги фракция ағзаларының  наразылығына себеп болды.

Өзбекстан «Адолат» СДП фракциясы ағзаларының пикиринше, 2020-жыл пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын сынақлы жыл болыўына қарамастан, Мәмлекетлик бағдарламадағы халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған реформаларға байланыслы бәнтлердиң өз ўақтында орынланғаны унамлы жағдай.

Бирақ усындай унамлы жағдайлар менен бирге, 2020-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаның айырым бәнтлери өз ўақтында орынланбай қалғанына итибар қаратты. Фракция ағзаларының атап өтиўинше, бүгинги күнде мәмлекетимизде кәмбағаллық бағдарында анық санлар жәрияланған, сондай екен, пуқараларымызды кәмбағаллықтан шығарыўдың Мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған анық механизмлери ислеп шығылыўы зәрүр.

Өзбекстан ХДП фракциясы ағзалары Ҳүкимет тәрепинен социаллық тараўды раўажландырыў бағдарындағы жумысларға тоқтап, пандемия дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекет көлеминде системалы реформалар әмелге асырылғанлығын айрықша атап өтти. Атап айтқанда, «темир дәптер»  енгизилгени кем дәраматлы, ўақтынша жумыссыз пуқараларды мәнзилли қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги, оларды жумысқа орынластырыў, турақлы дәрамат дәреклерин жаратыў бойынша кең көлемли илажлар көрилип атырғанлығы реал нәтийже берип атырғанлығына итибар қаратылды.

Соның менен бирге, Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген айырым нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў мүддетти кешиккени, атап айтқанда, Халықты социаллық қорғаў концепциясы ислеп шығылмағанлығы көрсетип өтилди. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи социаллық напақа төлеўдиң толық системасын енгизиў, кем дәраматлы шаңарақларға жәрдем бериў көлемин кеңейтиў және напақа тайынлаўда ашықлық ҳәм әдилликли системаны жаратыў имканиятын беретуғынлығы атап өтилди.

Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының ағзалары 2020-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде  экология  ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халықты  таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бағдарларындағы жумыслар пандемия себепли енгизилген карантинге қарамастан, өз ўақтында әмелге асырылғанлығын атап өтти. Тек ғана халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 73 процентке жеткени буған айқын мысал сыпатында келтирип өтилди.

Өз гезегинде, фракция ўәкиллери таза ишимлик суўға болған зәрүрликтен келип шығып, таза ишимлик суўы жетип бармаған шетки аймақларда суў тәмийнатын жолға қойыў илажларын көриў, бунда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ролин буннан былай да күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Қызғын, әмелий ҳәм талапшаңлық руўхында өткен сораў-жуўаплардан соң, депутатлар Министрлер Кабинетиниң есабатын мақуллады және тийисли қарар қабыл етти.

 

ӨзА