«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими ҳәм Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен сәўбетлесиў кешеси өткерилди.

Сәўбетлесиў кешесине  Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм халыққа жоллаған Мүрәжаты ҳәм Президентимиздиң басшылығында усы жыл 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинен келип шығатуғын ўазыйпалар бойынша кең түрде түсиник берди.

Сәўбетлесиў кешесинде, Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатына байланыслы таярланған видеоролик қойып берилип, усы бағдардағы жумысларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

– Жәҳән тарийхына нәзер салсақ, ҳәр бир халық бәринен бурын, мәнаўий бирлесиўи, миллий идеясы менен раўажланған. Президентимиз, егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады, деп атап өткен еди,-дейди Қ.Нуратдинов. – Мине, биз жаратып атырған жаңа Өзбекстанның идеологиясы жақсылық, адамгершилик, гуманизм идеясы болады.

Бул идеяларды әмелге асырыў тек руўхыйлық-ағартыўшылық жумысларын алып баратуғын тараўлардың жумысы, деп қарамай, ендигиден былай ҳәр бир мәкеме ҳәм ҳәр бир жәмийетлик шөлкем усы бағдарда биргеликте жумыс ислеўи керек.

Сәўбетлесиў кешесинде сөзге шыққанлар бул бағдардағы жумысларды және де де күшейтиў, бирге ислесиўди жақсы жолға қойыў бағдарында усынысларын билдирип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги