Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-январь күни Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин менен видеоәнжуман түринде ушырасыў өткерди.

Бул саммитти өткериў ҳаққындағы келисим мәмлекет басшыларының өткен жыл октябрь айындағы сөйлесиўлери даўамында ерисилген еди.

Сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан ҳәм Корея арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери орын алды.

Мәмлекет басшылары илажды ашып, бир-бирин қызғын қутлықлап, бул саммит кирип келген жаңа жылда еки тәреп ушын да биринши ушырасыў екенин атап өтти. Бул еки тәреплеме бирге ислесиўде оғада жоқары дәрежеге ерисилгенинен және бир мәрте дәрек береди.

Атап өтилгениндей, көп қырлы Өзбекстан-Корея қатнасықлары, пандемияға қарамастан, избе-из раўажланыўда даўам етти. Өткен жылы мәмлекет басшылары телефон арқалы еки мәрте сөйлести және Арқа экономикалық бирге ислесиў екинши халықаралық форумында биргеликте қатнасты.

Қыйын шараятларда ири инвестициялық ҳәм саўда жойбарларының әмелге асырылыўы тәмийинленди, жаңа кооперация объектлери иске қосылды. Қубла кореялы шериклердиң жәрдеми ҳәм қатнасыўында Ташкент қаласында шөлкемлестирилген, регионымыз ушын айрықша болған заманагөй балалар көп тармақлы медицина орайы усылар қатарына киреди.

Өзбекстан Президенти корейс тәрепи жаңа коронавирус инфекциясына  қарсы гүресиў бағдарындағы халықаралық ҳәрекетлерге  салмақлы үлес қосып атырғанлығын жоқары баҳалады және бул қәўипли кеселликтиң алдын алыў, оған шатылғанларды нәтийжели емлеў ҳәм реабилитациялаўда мәмлекетимизге көрсетилип атырған үлкен әмелий жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме қатнасықлар туўралы сөз етип, айрықша стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиў тәрепдары екенлигин атап өтти.

Турақлы сиясий  мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириў ҳәм парламентлераралық алмасыўларды жеделлестириў, мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығына бағышлаған еки тәреплеме илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша келисимлерге ерисилди.

Жоқары, кәсип-өнер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәдений мийрас объектлерин санластырыў ҳәм реставрациялаў тараўларындағы бирге ислесиўдиң ағымдағы ҳәм перспективалы бағдарламалары көрип шығылды.

Президентлер Өзбекстан аймақларында Қубла Корея жетекши  университетлериниң филаиаллары ҳәм кадрларды профессионал таярлаў бойынша биргеликтеги орайлардың саны артып баратырғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Мәмлекетлеримиздиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзбек ҳәм корейс тиллерин оқытыўды кеңейтиўге, сондай-ақ, корейс диаспорасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Экономикалық тараўда Өзбекстан ҳәм Корея ҳүкиметлери ҳәм уйымлары дәрежесинде жолға қойылған нәтийжели жумыслар атап өтилди. Президентлер инвестициялық жойбарларды алға қойыў ҳәм жүзеге келетуғын мәселелерди тез шешиў мақсетинде бул қатнасықларды даўам еттириў тапсырмасын берди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы қубла кореялы шериклердиң қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде улыўма 400 миллион долларға шекем инвестицияларды өзлестириў күтилмекте.

Буннан тысқары, жоқары технологиялық тараўларда, соның ишинде, энергетика, нефть-газ, химия ҳәм нефть-химия, фармацевтика, қайта ислеў санааты, аўыл хожалығы, инфраструктураны модернизациялаў, транспорт ҳәм логистика, туризм ҳәм көплеген басқа да тармақларда баҳасы улыўма 3,4 миллиард доллардан аслам болған  55 жаңа жойбар таярланбақта.

Еки тәреплеме тийкарғы бағдарламаларды әмелге асырыўда Экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў фонды (EDCF) ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен нәтийжели шериклик алып барылып атырғанлығы жоқары баҳаланды.

Мәмлекет басшылары өз-ара саўда көлемин көбейтиў әҳмийетли екенин атап өтти. Кейинги жылларда товар алмасыўда рекорд көрсеткишлерге ерисилди.

Экспорт-импорт әмелиятлары арасындағы тең салмақсызлықты  теңлестириў ҳәм олардың номенклатурасын диверсификациялаў мәселелерине, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў көлемин арттырыў ушын фитосанитария хызметлериниң бирге ислесиўине айрықша итибар қаратылды.

Усы мақсетте тәреплер еркин саўда ҳаққындағы еки тәрелеме келисимге қол қойыў бойынша пикирлесиўлерди баслайды.

Президент Мун Чже Ин Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы мәселесине ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғынлығын және бир мәрте тастыйықлады.

Саммит ўақтында глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Тәреплер БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде, сондай-ақ, жоқары технологиялар, «жасыл» ҳәм санлы экономика тараўларындағы бағдарламаларды алға қойыў мақсетинде «Корея Республикасы – Орайлық Азия» бирге ислесиў форумы шеңберинде жақыннан бирге ислесиўди даўам етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Сеулдиң Корея ярым атаўындағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бағдарындағы ҳәрекетлерин турақлы қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтти. Тәреплердиң регионаллық өз-ара қатнасықты күшейтиў бойынша басламалары жоқары баҳаланды.

Мәмлекет басшылары экология тараўындағы бирге ислесиў, соның ишинде, Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режеси көрип шығылды. Президент Мун Чже Ин Президент Шавкат Мирзиёевқа өзи ушын қолайлы болған ўақытта Корея Репсубликасына сапар етип келиў ҳаққындағы усынысын тастыйықлады.

Саммит жуўмағында «Төртинши санаат революциясы»на жәрдем бериў мақсетинде санластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға, EDCF пенен бирге ислесиў бойынша үш жылға мөлшерленген 1 миллиард долларлық бағдарламаны әмелге асырыў бойынша келисимге, заманагөй көп тармақлы клиника ҳәм жойбарлаў институты – Химиялық технологиялар орайын қурыў жойбарлары бойынша заём келисимлерине қол қойылды.

Буннан тысқары, жетекши компаниялар дәрежесинде мәмлекетимиз энергетика инфраструктурасының әҳмийетли объектлерин модернизациялаў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.

Мәмлекет басшылары ҳәр қашанғыдай ашық, қызғын, конструктивлик ҳәм дослық руўхта өткен саммит жуўмағынан қанаатланыўшылығын атап өтти.

Тәреплер онлайн-сөйлесиўлер өз ўақтында өткерилгени ҳәм нәтийжелилиги жағынан жүзбе-жүз ушырасыўлар әмелиятынан қалыспағанлығын атап өтти.

Президентлер дослық ҳәм кең көлемли шериклик қатнасықларын беккемлеў, дос мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўде исенимли екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

 

ӨзА