Исбилерменлер ҳәрекети – ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм партияның белсенди жасларының қатнасыўында Нөкис қаласындағы «Жети әўлад» жеке-меншик клиникасына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхат қатнасыўшылары клиника жумысы менен жақыннан танысып, жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң баслығы А.Қадыровадан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Атап өтилгениндей, тийкарынан  халқымызға гинекологиялық жақтан хызмет көрсетиўге мөлшерленген клиника жақында, яғный, 2020-жылдың декабрь айында өз жумысын баслады.

Клиника пуқараларымызға гинекологиялық медициналық хызмет көрсетиў менен бирге, физиотерепия ҳәм лабораториялық хызметлерди де қамтып  алған. Сондай-ақ, бул жерде Covid-19 жуқпалы кеселлигин тесттен өткериў, Torch инфекциясын ҳәм қанның биохимиялық анализин анықлаў, гармон, ҳаял-қызлар арасында рак кеселлигин ерте анықлаўшы видеокольпоскопия сыяқлы заманагөй үскенелер менен хызметлер көрсетиледи.

– Жеке килиниканымызды ашыўда биринши гезекте ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң орны гиреўли екенин атап өтпекшимен,–дейди А.Кадырова. – Себеби, 2020-жылдың декабрь айында Республикалық Кеңестиң ҳуқықый мәсләҳәтлерине сүйенген ҳалда «Микрокредит банк»тиң Нөкис филиалынан 200 миллион сум муғдардағы кредит қаржыларын алыўға еристим ҳәм сиз көрип турған заманагөй үскенелер сатып алдым.

Ҳәзирги ўақытта клиникамызда тәжирийбели шыпакерлер ҳәм лаборантлардан ибарат бес адамның бәнтлиги тәмийинленген. Келешекте өз жумысымызды және де кеңейтип, халқымызға буннан былай да қолайлы медициналық хызмет көрсетиўди режелестиргенбиз.

Саяхат жуўмағында клиника хызметкерлери Исбилерменлер ҳәрекети – ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң арнаўлы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги