Өткен жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасында 39,3 мың перзент дүньяға келген (бул жерде тири туўылғанлар есапқа алынған). Ҳәр мың адамға салыстырғанда туўылыў коэффициенти 2019-жылға салыстырғанда 1,2 промиллеге азайған, яғный 20,6 промиллени қурады. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы хабар берди.

 

Өткен 2020-жыл даўамында республикамызда 9,2 мың өлимшилик жағдайы дизимге алынған болып, сәйкес түрде ҳәр мың адамға салыстырғанда өлимшилик коэффициенти 2019-жылға салыстырғанда 0,3 промиллеге өскен, яғный 4,8 промиллени қураған.

 

Қайтыс болғанлардың 58,7% и қан айланыў системасы кеселликлеринен, 9,9% и өсимтелерден, 5,3% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатлар ақыбетинде, 2,9% и ас сиңириў органлары, 7,1% и дем алыў органлары, 3,5% и жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер, сондай-ақ, 12,6% и басқа кеселликлерден қайтыс болған.

 

1 жасқа толмаған балалар арасында өлимшилик көрсеткиши 0,5 мыңды қураған.

 

Улыўма алғанда, Қарақалпақстан Республикасында өткен жылдың январь-декабрь айларында халықтың тәбийғый өсими 30,1 мың адамды қураған болып, бул көрсеткиш 2019-жылға салыстырғанда 2,6 мыңға аз екенлигин көриўимиз мүмкин (2019-жылы халықтың тәбийғый өсими 32,7 мың адамды қураған еди).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.