21-январь күни түнде елимиз аймағында ҳаўа райының кескин суўытыўы ҳәм қар жаўыўы ақыбетинде электр тәмийнаты системасында авариялар жүзеге келип, Қарақалпақстан Республикасы районларының айрым аймақларында үзилислер жүзеге келди. Бул ҳаққында «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ баспасөз хызмети хабар берди.

Үзилислер көлеми оншелли үлкен болмаса да жәмийет басшылары тәрепинен тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўди тиклеўдиң барлық илажлары көрилди. Район ҳәм қалалық ЭТКлардың тәжирийбели қәнигелеринен дүзилген жумысшы топар ағзалары ҳаўа электр узатыў линияларын көзден өткерди.

Беруний районындағы «Абай» АПЖ аймағында күшли самал ақыбетинде 5 электр бағанасы сынып, жерге қулап түскени анықланды ҳәм авария орнына жедел түрде оңлаў бригадалары жиберилди. Олар ҳәзирги ўақытта бағаналарды ҳәм үзилген электр сымларды алмастырыў жумысларын жуўмақлаў илажларын көрмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.