ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаментиниң мәлим етиўинше, 2020-жылдың 16-декабрь күни саат 08:00 де Беруний районы А.Қаҳҳар көшесинде жасайтуғын 25 жаслы Расул С. жақын туўысқанлары менен бирге Беруний районы «Бунёдкор» МПЖда 30 жаслы Венера М. ҳәм 39 жаслы Насиба М.лер менен өз ара жәнжеллесип қалып, жәнжел даўамында Расул С. қоллары ҳәм аяқлары менен Венера М. ҳәм Насиба М.лердиң басы ҳәм денесиниң түрли жерлерине урып, қастан денесине жарақат жеткерген.

 

Суд-медициналық экспертиза жуўмағында, пуқара Насиба М.ге аўырлық дәрежеси бойынша «жеңил» дене жарақаты жеткерилгени көрсетилген.

 

Бул жағдай бойынша 2020-жыл 30-декабрь күни Беруний районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлимшеси тәрепинен ӨзР Жынаят кодексиниң 109-статьясы 2-бөлими (қастан денеге жеңил зыян жеткериў) тийкарында жынаят иси ашылған.

 

Сондай-ақ, Расул С. өзиниң жынайый ҳәрекетлерин даўам еттирип, қайтадан 2021-жылдың 11-январь күни саат 09:30 да Беруний районы «Шаббаз» дийқан базарының артқы кириў дәрўазасының алдында Венера М.ниң басының жоқарғы бөлегине қол ҳәм аяқлары менен теўип, дене жарақатын жеткерген.

 

Сондай-ақ, Расул С. қайтадан өзиниң әжағасы Жәнибек С. ҳәм инилери Жасур С., Ислом С. және анасы Дилбар А., әжапасы Наргиза С.лер менен Беруний районы «Шаббаз» дийқан базарының артқы кириў дәрўазасының алдында Венера М. ҳәм оның әжапасы Насиба М. және Анора М.лердиң базардағы саўда орнында турған затларын шашып, столларын сындырып, бул жағдайды видеокөриниске түсирип турған видеокамераны таяқ пенен сындырып, өзгелердиң мүлкине зыян жеткерген.

 

Дәслепки тергеў процесиндеги жынаят иси 2021-жыл 19-январьда ЖКның 109-статьясы 2-бөлиминен ЖКның 277-статьясы 3-бөлими «а» бәнтине (бийзарылық) қайта өткерилип, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Усы жынаят иси бойынша дәслепки тергеўдиң ҳәр тәреплеме толық ҳәм қалыс алып барылыўы ҚР ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен қадағалаўға алынған. Дәслепки тергеў жуўмағына муўапық, жәнжелде қатнасқан барлық адамлардың ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа берилиўи тәмийинленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.