Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған илаж болып өтти. Оған филиал студент-жаслары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Онда филиал қурамындағы Билимлендириўдиң сапасын кадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеев, «Көркем өнертаныў» факультети деканы Г.Ходжаметова,  «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасының үлкен оқытыўшысы А.Утепбергеновлар  шығып сөйлеп,  Президентимиз Мүрәжатының мазмун-мәниси, сондай-ақ, билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған ўазыйпаларға айрықша кең түрде тоқтап өтти.

Өз-ара пикир алысыў түринде өткерилген илажда Президентимиз мүрәжатының мазмун-мәнисин, әҳмийетин студент-жасларға кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Ж.Искендеров,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги