Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасында тоғай хожалығы системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў, тоғай хожалығында илим ҳәм өндирис интеграциясын тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысларын хошаметлеў және халықаралық стандартлар дәрежесине сәйкес алдынғы сырт ел тәжирийбесине ийе болған кадарларды таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде:

  1. 1. Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлигиниң 2021-жыл 1-февральдан:

а) тоғай хожалығы тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, сырт ел стажировкаларын системалы шөлкемлестириў, инновациялық қолланбаларды өндириске кеңнен енгизиў мақсетинде Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети орайлық аппараты структурасында 4 штат бирлигинен ибарат Илимий шөлкемлердиң жумысын ҳәм инновацияларды енгизиўди муўапықластырыў басқармасын;

пистешиликти раўажландырыў, пистениң жаңа ҳәм өнимдарлы сортын және түрлерин таңлаў, районластырыў, пистешилик бойынша тоғай хызметкерлери, фермер ҳәм дийқан хожалықлары ушын семинар, тренинг ҳәм басқа да илажлар шөлкемлестириў мақсетинде Жиззақ мәмлекетлик тоғай хожалығы Ғәллеарал бөлиминиң «Оқтош» участкасындағы аналық писте плантациялары негизинде Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты жанында мәмлекетлик мәкеме түриндеги Пистешилик илимий-тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў;

тоғай илажларының технологиялық карталарын ислеп шығыў ҳәм тоғай әмелиятына енгизиўди тәмийинлеў мақсетинде Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты структурасында  Тоғай экономикасы бөлимин;

б) тоғай туқымгершилигин раўажландырыў, тоғай өсимликлери туқымларын анализлеўди илимий-изертлеў жумыслары менен муўапықластырыў мақсетинде Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети системасындағы  тоғай ҳәм дәрилик өсимликлер туқымгершилигин анализлеў орайын сапластырыў және оның материаллық-техникалық базасын сақлаған ҳалда Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтына бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети орайлық аппараты және Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты структурасына киргизилип атырған өзгерислер Тоғай ҳәм дәрилик өсимликлер туқымгершилигин анализлеў орайын сапластырыў нәтийжесинде босап атырған штат бирликлери және Жиззақ мәмлекетлик тоғай хожалығы штат бирликлерин оптималластырыў есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. 2. Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты сапластырылып атырған Тоғай ҳәм дәрилик өсимликлер туқымгершилигин анализлеў орайының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. 3. Тоғай хожалығы тараўындағы жойбарлаў-излеў жумысларының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, тоғай хожалығы илажларын турақлы жойбар ҳүжжетлери тийкарында шөлкемлестириў мақсетинде Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети системасындағы «Ўрмонлойиҳа» мәмлекетлик унитар кәрханасы негизинде мәмлекетлик мәкеме түриндеги «Ўрмонлойиха» жойбарлаў институты шөлкемлестирилсин.
  3. 4. Төмендегилер «Ўрмонлойиҳа» жойбарлаў институтының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетлик тоғай фонды жер майданларында тоғай қурыў, жойбарлаў-излеў жумысларын орынлаў, тоғай таксациясын ислеп шығыў, мәмлекетлик тоғай фондын хатлаўдан өткериў, тоғай хожалықларының өнидирис режелерин жойбарлаў;

қала ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң әтирапын, автомобиль ҳәм темир жоллардың бойын көклемзарластырыў жумысларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў;

инновациялық технологиялар тийкарында (дронлар, GPS навигаторлар ҳәм басқалар жәрдеминде) мәмлекетлик тоғай хожалықлары жер майданлары шегараларын, жер категорияларын анықлаў ҳәм олардың карталары, электрон мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

тоғайлардың мәмлекетлик есабын ҳәм мониторингин жүргизиў, олардың мәлимлеме-ресурс фондын жаратыў;

Арал ҳәм Аралбойы регионында, сондай-ақ, республиканың басқа да аймақларында шөлистанлықтың алдын алыў және эрозияға қарсы гүресиў мақсетинде тоғайлар қурыў ушын жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў;

тоғайшылық тараўындағы абырайлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте заманагөй технологиялар тийкарында геомәлимлеме системаларын  тоғай қурыў, мониторинг ҳәм жойбарлаў жумысларына енгизиў;

мелиорация объектлериниң әтирапында және аўыл хожалығы жерлеринде өнимдарлықты арттырыўға бағдарланған самал ҳәм суў эрозияларынан қорғаў ушын ихота тереклерин қурыў жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў.

  1. 5. 2021-жыл 1-январьдан баслап, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети Тоғай хожалығын раўажландырыў қорының улыўма түсимлериниң 5 проценти Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты ҳәм оның системасындағы илимий шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў және хызметкерлерди хошаметлеўге қаратылатуғыны белгиленсин.
  2. 6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. 7. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Н.Ж.Бакиров белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июнь ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 21-январь