Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 21-күни Бухара ўәлаятына барды.

Мәмлекет басшысы вертолётта Алат районына жол алды.

Бул – аймақлардың экономикасын раўажландырыўға қаратылған быйылғы жылғы биринши сапар ҳәм ол усы шетки районнан басланып атырғанлығы тегиннен емес.

2020-жылы 27-апрель күни Бухара ўәлаятына қубладан күшил самал кирип келген еди. Турақ жайлар, инфраструктура ҳәм егинлерге үлкен зыян жеткерген еди.

Мәмлекетимиз басшысы ол жерге тез жетип барып, тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў, турақ жайлар ҳәм социаллық объектлерди оңлаў бойынша тапсырмалар берген еди. Қысқа мүддетте зәрүр жумыслар орынланып, турмыс өз қәлпине қайтты.

Бул ретки сапары ўақтында Президент вертолётта усы жумыслардың көлемин көзден өткерди.

Атап айтқанда, Алат, Қаракөл, Жандар, Ромитан, Пешку, Шофиркан районларында 45 мың жай, 204 көп қабатлы турақ жай оңланған. Мыңнан аслам социаллық тараў ҳәм исбилерменлик объектлери, жоллар, электр, газ ҳәм байланыс тармақлары тикленген.

Мәмлекетимиз басшысына аймақларда хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыўға байланыслы жойбарлар усыныс етилди.

Оған бола аўыллық жерлерде, мәҳәллелерде мобиль хызмет көрсетиў пунктлерин контейнерлерде шөлкемлестириў мүмкин. Контейнерлер де жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен таярланбақта. Оннан мини тигиўшилик цехы, гөззаллық салоны, аяқ кийим оңлаў устаханасы, кондитерлик дүканы сыяқлы көплеген бағдарларда пайдаланса болады. Усындай платформалардан биреўинде кеминде 4 жумыс орнын жаратыў мүмкин.

Президентимиз жойбар менен танысып, жуўапкерлерге олардың өзине түсер баҳасын кеминде 30 процентке азайтыў, коммуникация ҳәм канализация системаларына жалғаў мәселелерин шешиў бойынша тапсырма берди.

Сондай-ақ, Алат ҳәм оған қоңсы районларда әмелге асырылыўы режелестирилген архитектура-қурылыс, атап айтқанда, районның орайлық көшелерин реконструкциялаў, халық ушын заманагөй көп қабатлы жайлар қурыў жойбарлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Алат районының орайында Алат, Қаракөл, Жандар ҳәм Шофиркан районларының белсендилери, мәҳәлле басшылары менен ушырасты. Өткен жылы болған тәбийғый апатшылық еске алынды.

– 2020-жыл Ўатанымыз ушын, соның ишинде Бухара ўәлаяты ушын оғада үлкен сынақлар жылы болды. Бул жерде жүз берген тәбийғый апатшылық экономикаға, инфраструктураға, адамлардың 30-40 жыллап қурған жайларына үлкен зыян жеткерди. Биз халқымыздың сабыр-тақаты. аўызбиршилиги, бирлиги менен бул бәлелерден қүдиретли болып шығамыз, деп нийет еткен едик, мине, усы нәтийжелерге еристик, – деди Президент.

Ҳеш бир шаңарақ итибарсыз қалдырылмағанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде Алат, Қаракөл ҳәм Жандардағы мүтәж шаңарақларға дерлик 14 миллиард сум материаллық жәрдем көрсетилген.

Халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған жумыслар избе-из даўам еттирилетуғыны, оның ушын төменги системадағы басшылардың ояныўы, жан күйдириўи керек екенлиги айтылды.

– Бүгин бул жерге келиўимнен мақсет, халқымызды көбирек тыңлаў, ертеңги шеклерди белгилеўде дурыс жол тутыў. Район ҳәкимлери ҳәм мәҳәлле басшылары өзлерин қыйнап атырған машқалаларды ашық-айдын айтып, олардың шешими бойынша усынысларын билдирсе, нийетимиз әмелге асады, – деди мәмлекет басшысы.

Аймақларды раўажландырыў бағдарламасы және кәмбағаллықты қысқартыў режелери мәҳәлле системасы тийкарында ислеп шығылатуғынлығы атап өтилди.

Жуўапкерлер Алат районында мәҳәлле көлеминде ислесиў системасы менен танысыў ўақтында Бунёдкор ҳәм Шайхлар мәҳәллелери үйме-үй жүрип үйренилгенлиги, онда халық ўәкиллери түрли кәсип-өнерлерди ийелеў тилеги бар екенлигин билдиргенин атап өтти. Пуқаралардың тилегинен келип шығып, бүгинги күнде райондағы кәсип-өнер мектеби жанында сегиз бағдарда кәсиплерге үйретиў оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Президент усы тәжирийбе тийкарында Республикалық Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў орайы ҳәм оның аймақлық басқармалары және мәмлекетимиздеги 700 ден аслам кәсип-өнер мектебин Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине бойсынатуғын жаңа система енгизиў зәрүрлигин атап өтти. Тийисли басшыларға орынларға халықтың талап ҳәм тилеклеринен келип шығып, сол аймақтағы исбилерменлерге керек болған кәсип-өнерлерге оқытыўды шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәҳәлле басшыларына өз аймағындағы ҳәр бир пуқараны разы етиў, экономикалық сектор менен биргеликте үйме-үй жүрип, жумыс орынларын жаратыў, сол үйлерде абатлық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

– Мәҳәлле басшысы қашан абырайлы болады? Халықтың дәртин басшыларға анық етип қойса. Ҳәмме мәселе бәринен бурын мәҳәлледе шешилсе ғана адамлар разы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине республика бойынша шетки аймақларда жайласқан 968 мәҳәлледеги шараятларды жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди. Соның ишинде, Бухара ўәлаятындағы 55 аўыр, алыс ҳәм шегара аймақларындағы мәҳәллелер таңлап алынып, Айрықша жағдайлар министрлиги менен биргеликте бул мәҳәллелерде абаданластырыў жумысларын ҳәм мәҳәлле менен ислесиў системасын енгизиў бойынша айрықша ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы жыл жаслар ҳәм шаңарақлық исбилерменлик жойбарлары ушын Қаракөл районына 36 миллиард сум, Алат районына 21 миллиард, Жандар районына 49 миллиард сум қаржы ажыратылады.

2021-2022-жылларда Алатта 42, Қаракөлде 56, Жандарда 67 жойбар әмелге асырылып, 3 мың турақлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Алатта жойбар баҳасы 20 миллион доллар болған логистика орайы, Қаракөлде күкиртти қайта ислеў кәрханасы, Жандарда керамикалық плиталар ислеп шығарыў объекти иске қосылады. Киши санаат зоналары шөлкемлестириледи.

Аўыл хожалығында да пайдаланылмаған имканиятлар бар. Усы жылы 18 километр мелиорация тармақлары қурылып, Қубла Алат хожалықлар аралық коллекторы реконструкцияланады. Нәтийжеде пайдаланыўдан шыққан жерлер қайта өзлестирилип, базарға жарамлы өнимлер жетистириледи.

Президентимиз социаллық тараўларды раўажландырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, Алат районында кинотеатр ҳәм китапхананы өз ишине алған Мәнаўият ҳәм мәденият орайы қурылатуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, мектеп, балалар бақшасы, медицина мәкемелери, социаллық хызмет көрсетиў объектлери қурылады.

Усы жылы Қаракөлдеги Халықаралық математика мектеби реконструкцияланып, 200 орынлық жатақхана қурылатуғынлығы атап өтилди. Бул орайдың талантлы жаслары 85 тараўына тартылады.

Жәҳән банки қатнасыўындағы Алат ҳәм Қаракөл районларының ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша 139 миллион долларлық жойбар жуўмақланып, 265 мың халық ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Бул еки районда соңғы 30 жылдан берли ишимлик суўы тәмийнаты 17 процент болған, быйылғы жылы бул көрсеткиш 90 процентке жетеди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыўда жергиликли халықтың мүрәжатларын инабатқа алып, Алат-Ташкент темир жол қатнаўы қайта тикленетуғынлығын мәлим етти.

Бүгин пүткил мәмлекетте ояныў дәўири. Арқайынлық, өзи боладылық пенен өзгерис болып қалмайды. Халыққа шараят жаратыў, интакерлерге жәрдем бериў, тынымсыз умтылыў ҳәм мийнет ғана нәтийже келтиреди. Ушырасыў мине усындай руўхта өтти.

Бухара районындағы «Бухара Варнет» кәрханасы. Президент Шавкат Мирзиёев  2019-жылы бул жерге келгенинде жумыс енди басланған еди. Ҳәзирги күнде ол заманагөй агросанаат комплексине айланбақта.

Бәринен бурын бул жерде тек ыссыхана болған болса, енди оның жанында оқыў орайы, лаборатория және ыссыханалар ушын конструкциялар ислеп шығаратуғын кәрханалар шөлкемлестирилмекте. Яғный, заманагөй ыссыханалар ушын не керек болса усы жерде таярланады.

Мәмлекетимиз басшысы бул ретки сапары ўақтында усы комплекстиң имканиятлары менен танысты.

– Ыссыханалар менен сонша жылдан берли шуғылланып атырмыз, бирақ профессионаллар жоқ еди. Енди бул бағдар жаңа сапа басқышына шығып атыр, – деди Президент.

Бухара ўәлаятының көп жерлери шорлы ҳәм қумлы, суў болса жетиспейди. Бундай жерлерде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын гидропоника усылы оғада қолайлы. Сонлықтан 2018-жыл 10-июльдеги Президент қарары менен «Бухара – агро» еркин экономикалық зонасы шөлкемлестирилген еди. Бул зона ушын Жандар, Когон, Пешку, Ромитан ҳәм Бухара районларынан 3 мың гектар жер ажыратылды. Тиккелей инвестициялар тартылып, кластер системасында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў ушын кең шараят жаратылды.

«Бухара Варнет» кәрханасы да әне усы имканиятлардың нәтийжеси. Жойбардың улыўма баҳасы 120 миллион доллардан аслам болып, бул қаржының ҳәммесин тиккелей сырт ел инвестициялары қурайды.

Бүгинги күнге шекем 10 миллион доллар сыртқы инвестиция өзлестирилип, 13 гектар майданда ыссыхана қурып питкерилди, 260 тан аслам жумыс орны жаратылды. Және 17 гектарда қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Өткен жылы дерлик 20 миллиард сумлық өним жетистирилип, 1 миллион долларлық экспорт етилген. Усы жылы 26 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестициясы тартылатуғынлығы режелестирилген.

Кәрхана ушын дерлик 113 гектар жер ажыратылған болып, толық иске қосылғанда жыллық қуўатлылығы 33,8 мың тонна болады, улыўма 2 мыңға шамалас жумыс орны жаратылады.

Президент 2020-жыл 12-декабрь күни Хорезм ўәлаятында болғанында ири ыссыханалар жанында оқыў орайын ашып, усы бағдарға қызыққан исбилерменлер ҳәм жасларды таярлаў керек екенлигин атап өткен еди. Мәмлекетимиз басшысы «Бухара Варнет» кәрханасында шөлкемлестирилген усындай орайды кирип көрди.

– Бул система не ушын әҳмийетли? Бириншиден, жасларымызға раўажланған мәмлекетлердиң қәнигелери онлайн режимде сабақ береди. Екиншиден, ыссыханалар ушын зәрүр материаллар локализацияланады. Ең әҳмийетлиси, базар талабына сай өним ислеп шығарылады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы «Бухара Варнет» кәрханасында шаңарақлар  ушын ықшам ыссыханалар қурып бериўди жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы жерде 2021-жыл ушын Бухара ўәлаятында аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў бойынша презентация өткерилди. Барлық жойбарлардан гөзленген бирден-бир мақсет – халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыўда аўыл хожалығын драйверге айландырыў.

Бухарадағы «BCT Cluster» пахта-тоқымашылық кластери Өзбекстандағы қарлығаш кластер есапланады. Ол Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған кластер идеясының дәслепки әмелий нәтийжеси болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы кластерге қараслы “Bukhara Cotton Textile”  тоқымашылық кәрханасына барды.

«BCT Cluster» мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 19-майдағы «Бухара ўәлаятында замангөй пахта-тоқымашық кластерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген. Ол өзинде пахта жетистириўден баслап, оны терең қайта ислеўге шекемги барлық технологиялық шынжырларды толық бирлестирген. Атап айтқанда, Бухара ўәлаятының Ромитан районындағы 8000 гектар егислик жеринде пахта жетистирилсе, талшық Бухара қаласында қурылған заманагөй тоқымашылық комплексинде терең қайта исленеди.

Бул ири жойбарды әмелге асырыў ушын улыўма 106,5 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестициялар өзлестирилди. Шынжырлы ислеп шығарыўшының соңғы айланбасы есапланатуғын “Bukhara Cotton Textile” кәрханасы ушын болса 65,2 миллион АҚШ долларлық қаржы қаратылды. Нәтийжеде Бухара қаласының тасланды болып қалған бурынғы тоқымашылық комбинаты аймағында заманагөй өндирис объекти пайда болды.

Усы ири тоқымашылық комплекси өз қурамына бес – ийириў, бояў, тоқымашылық, «Деним» жинси гезлемесин қайта ислеў, таяр тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыў фабрикаларын бирлестирген.

Комплекстиң улыўма майданы 10 гектар екенлигин атап өтиў зәрүр. Бул жерде бар болған бир ески имарат пүткиллей қайта реконструкцияланып, қосымша түрде және 19 жаңа имарат ҳәм объектлер қурылды. Кластердиң өндирис фабрикалары Германияның “Schlafhorst Zweigniederlassung der Saurer Germany Gmbh&Co KG”, “Volkmann Saurer”, “Beninger AG”, “Xetma”, “Monforts”, “Mayer”, “Menzel”, “Osthoff”,  АҚШтың “MORRISON”, Бельгияның “PICANOL n.v.”, Францияның “AESA” сыяқлы  дүнья тоқымашылық санаатында жетекши болған компанияларында таярланған ең заманагөй технологиялық линиялар, әсбап-үскенелер ҳәм буйымлар менен тәмийинленди.

Усы тоқымашылық кәрханасында 1500, кластер менен қосып есаплағанда 6000 хызметкер жумыс ислемекте.

Президент кәрханадағы өндирис процеси менен танысты, таяр өним үлгилерин көзден өткерди.

– Жинси гезлемелер ҳәм өнимлер ислеп шығарыў бойынша ең алдынғы мәмлекетлер менен бәсекилесиў мүмкин. Себеби жеримиз, суўымыз, пахтамыз өзимиздики. Ислеймен деген жасларымыз көп. Өзине түсер баҳаны және азайтса болады. Бирақ сапасы халықаралық дәрежеде болса, дүньяда әлбетте өз орнын табады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кластер тәрепинен жылына орташа 26 мың тонна пахта шийки заты жетилистириледи. Оны дәслепки қайта ислеў арқалы 9100 тонна талшық алынады. Талшық болса, “Bukhara Cotton Textile” кәрханасында терең қайта исленип, оннан дәслепки басқышта 8450 тонна ийирилген жип ийириледи. Кейинги басқышта болса 15 миллион погон метр деним жинси гезлемелери тоқылады. Соңғы басқышта қосымша қунға ийе болған таяр өнимлерге айландырылады. Яғный сыртқы ҳәм ишки базарда бәсекиге шыдамлы болған жинси липаслары тигиледи.

Оның экономикалық нәтийжелилиги сонда, дүнья базарында 1 килограмм талшықтың баҳасы шийки зат сыпатында 1,5 доллар болса, таяр кийим етип сатылғанда кеминде 25 долларға айланады.

Кәрхана ҳәзирги ўақытта жылына орташа 12,5 миллион дана «Деним классик» ҳәм «Деним стрейч» шалбарларын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Таяр өнимлердиң 80 проценти экспорт етиледи.

Суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў мақсетинде 2020-жылы пахта майданларының 1000 гектарға шамалас жерине тамшылатып суўғарыў усылы енгизилди. 2021-жылы және 1000 гектар жерде бул усыл системалары қолланылады. Солай етип жақын перспективада пахта жетистириўде толық тамшылатып суўғарыў усылынан пайдаланып басланады.

Кластер тәрепинен Өзбекстанда биринши миллий жинси бренди – «B Jeans» жаратылғаны оның гезектеги табысы болды. Тутыныўшыларға усы ярлык астындағы жинси липасларын жеткерип бериў мақсетинде 2020-жылы Ташкент, Бухара, Самарқанд ҳәм Наманган қалаларында кластер саўда тармақлары иске қосылды. Бул болса «шынжырлы» өндиристиң ең әҳмийетли болған соңғы айланбасы байланысқанынан дәрек береди.

Кластер өз алдына республика бойынша 50 әне усындай саўда дүанларын ашыўды мақсет еткен. Атап айтқанда, жақын күнлерде Әндижан ҳәм Ферғанада әне усындай фирма дүканлары иске қосылыўы күтилмекте.

Буннан тысқары, Өзбекстанның шет мәмлекетлердеги елшиханаларының жәрдеминде сырт елде 100 саўда орнын иске қосыў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта Германияның Мюнхен, Дрезден сыяқлы ири қалаларында өзбек миллий бренди астындағы өнимлер жеткерип берилетуғын дәслепки 7 саўда дүканын иске қосыў ҳәрекетлери алып барылып атыр. Жақын күнлерде болса қоңсы Қырғызстан Республикасының Ош қаласында «Саўда үйи» ашылатуғынлығы мөлшерленген. Келешекте бундай саўда тармақларының жумысы Европа мәмлекетлери, Балтық бойы республикалары, Япония ҳәм, ҳәттеки жинси ўатаны болған АҚШ та да жолға қойылады.

Дәслепки, есап-санақларға бола, сырт еллердеги саўда тармақлары арқалы жылына орташа 75-80 миллион евро муғдарында валюта түсимине ерисилиўи мүмкин. Бул миллий брендлеримиз тез арада дүнья базарларын ийелеўинен бир белги.

Ташкент қаласында Өзбекстан мәдений мийрас ҳәптелиги шеңберинде шөлкемлестирилген «Миллий липаслар – жаңа ренессанс дүрданалары» модалар көргизбесинде “B Jeans” бренди астындағы липаслар колекциясы биринши көргизбеде-ақ табысқа еристи. Модалар көргизбесинде 50 ден аслам липаслар колекциясы усыныс етилди. “ВСТ Cluster” жинси гезлемелери тийкарында жаратылған липаслар 40 тан аслам мәмлекетлерден келген тараў қәнигелери тәрепинен жоқары баҳаланды. Нәтийжеде өзинде тәбийғыйлық, қолайлылық ҳәм көркемлиликти жәмлеген “B Jeans” коллекциясы «Өзбек миллий липасларының дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын» арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

“Bukhara Cotton Textile” кәрханасында ислеп шығарылып атырған жинси гезлемелери реңиниң тәбийғыйлығы менен де ишки ҳәм сыртқы базарда үстинликке ийе. Өндиристе зәрүр болатуғын тәбийғый бояў алыў ушын болса кластер басшылығы ҳәрекетлери менен сырт елден индигофера өсимлигиниң туқымлары алып келинди ҳәм 80 гектар майданда жетистириў жолға қойылды. Нәтийжеде усы жердиң өзинде тәбийғый бояўлар алыўға ерисилди.

Кластер топары өз алдына кәрхананың жумысын кеңейтиў, өнимниң түрин көбейтиў ҳәм сапасын және де жақсылаў есабынан Өзбекстан жинси буйымлары жәҳән базарынан беккем орын ийелеўине ерисиўди баслы мақсет  етип қойған.

Мәмлекетимиз басшысы өнимлердиң түрин көбейтиў, дүньяға белгили брендер менен биргеликте кийимлер ислеп шығарыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы жерде 2021-2022-жылларға мөлшерленген Бухара ўәлаятында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў режелериниң презентациясы өткерилди.

– Халықтың арасында жүрип, ҳәр бир жстың машқаласын тыңлап, қадағалаўға алып, шешип берсек, жағдай өзгереди. Жаслар ислери агентлигиниң тийкарғы ўазыйпасы усы болыўы керек, – деди Президент.

Жасларды кәсипке бағдарлаў, исбилерменликке оқытыў, бизнес ҳәм өнерментшилигин ашыўға жәрдем берип, бәнтлигин арттырыў илажлары додаланды.

Шавкат Мирзиёев Бухара қаласындағы мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм IT-Parkти барып көрди.

Бул жерде «бир айна» принципи тийкарында 130 дан аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи. Имаратта Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң ўәлаятлық басқармасы, Халық қабыллаўханасы, Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў бойынша қабыллаўхана, ПҲАЖ бөлими, нотариал уйым да жайласқанлығы халыққа қолайлылық жаратқан. Күтиў залында китаплар шкафы қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы хызметлердиң баҳасын арзанлатыў, узақ мәҳәллелердиң халқына оператив ҳәм онлайн хызмет көрсетиў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде Кәрханаларды саламатландырыў ҳәм меншиклестириў клиникасы да ашылған. Финанслық ҳәм юридикалық мәсләҳәтлер бериў, мәлимлеме хызметлерин көрсетиў жолға қойылған.

Имараттың екинши қабатында IT-Parkтиң Бухара филиалы жайласқан. Бул жерде де оқыўшылар, ҳәм студентлер, ҳәм фрилансер ҳәм программистлер ушын зәрүр шараятлар жаратылған. Балалар мектеп дәўиринен ойынлар арқалы мәлимлеме технологияларына қызықтырылады, кейин оқытылып, жойбарлар ислеп шығыўға үйретиледи. Бул жерде жас ҳәўескерлер, робототехникалар, веб-дизайнерлер, профессионал программистлер жыйналған.

Президентимиз бухаралы жаслардың потенциалын жоқары баҳалап, бул тараў мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

– Бухара бурыннан илим орайы болған. Бүгин де билимли, умтылыўшаң жаслар көп. Бухараның IT  тараўы бойынша брендин жаратыў керек. Оның ушын барлық нәрсе – шараят, ресурс, интеллект бар, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз «Мандэй ЛАБС» кәрханасына тийкар салған 25 жастағы Саидравшан Шокиров, халықаралық IT компаниялары менен биргеликте ислеп атырған программист Шаҳрулло Тухсанов ҳәм басқа да жаслар менен сәўбетлести.

Әҳмийетли экономикалық-социаллық мәселелер бойынша жас программистлерге буйыртпа бериў, қаржы, энергия ресурслары ҳәм ўақытты үнемлеўши программалық өнимлер жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы IT-Parkтеги жаслар менен естелик ушын сүўретке түсти.

IT-Park ушын Bukhara City комплексинде 9 ҳәм 12 қабатлы заманагөй имаратлар қурылмақта. Комплексте коворкинг орайы, офислер, мийманхана, ресторан ҳәм спорт заллары болады. Ол жерде 700 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Бухараға сапары даўам етпекте.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары