Президент Шавкат Мирзиёев 21-январь күни Бухара ўәлаятына келип, вертолётта Алат районына жол алды.

Бул-аймақлардың экономикасын раўажландырыўға қаратылған быйылғы биринши сапар.

Оның усы шетки районнан басланып атырғаны тегиннен емес.

2020-жыл 27-апрель күни Бухара ўәлаятына қубладан күшли самал кирип келген еди. Турақ жайлар, инфраструктура ҳәм егинлерге үлкен зыян келген еди.

Мәмлекетимиз басшысы тез ол жерге жетип барып, тәбийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыў, турақ жайлар ҳәм социаллық объектлерди оңлаў бойынша тапсырмалар берген еди. Қысқа мүддетте зәрүр жумыслар орынланып, турмыс өз орнына қайтты.

Бул ретки сапары ўақтында Президент вертолётта усы жумысларды көзден өткерди.

Атап айтқанда, Алат, Қаракөл, Жандар, Ромитан, Пешку ҳәм Шофиркан районларында 45 жай, 204 көп қабатлы турақ жай оңланған. Мыңнан аслам социаллық тараў ҳәм исбилерменлик объектлери, жоллар, электр, газ ҳәм байланыс тармақлары тикленген.

Әйне пайытта мәмлекетимиз басшысы усы жердиң халқы менен сөйлеспекте.

ӨзА