Усы жыл 20-январь күни Жаслар орайында  Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлары қол урысы Федерациясының гезексиз конференциясы өткерилди.

Оған Өзбекстан қол урысы федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тәжирийбели тренерлер қатнасты.

Конференцияда усы федерацияның әмелге асырып атырған жумыслары, тренерлер ҳәм қәнигелердиң алдында турған ўазыйпалары, республикамызда қол урысы спорт түрин раўажландырыў, спортшылар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.

-Өткен жылы елимизде пандемия себепли карантин ўақтында федерациямыз тәрепинен спортшыларымыз бенен электрон онлайн оқыў-шынығыўлары шөлкемлестирилди. Әмелге асырылған усындай жумыслар нәтийжесинде көплеген спортшыларымыз халықаралық жарысларда сыйлы орынларды ийеледи, – дейди федерацияның атқарыўшы директоры Шадыбай Узақбергенов. Сондай-ақ, республикамыздың барлық қала ҳәм районларында спорттың қол урысы түрин үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыў, сапалы резервтеги спортшыларды таярлаў ҳәм халықаралық категориядағы спортшыларды тәрбиялаў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Илаж даўамында спорт залларын заманагөй спорт инвентарьлары менен тәмийинлеў, федерацияның  материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселелери ҳәм алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.

Тренерлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Сүўретлер М.ҲАБИБУЛЛАЕВ  тәрепинен түсирилген)