Мүнәсибет

 Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған  Мүрәжатын бәрше қатары жәмәәтимиз бенен бирге үлкен қызығыўшылық пенен тыңладық.

Мүрәжатта бизлер жумыс ислеп атырған Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайының барлық шыпакерлери ҳәм орта буўын хызметкерлерине де анық режелер белгилеп берилгенлигин инабатқа алып, өзлеримизге жуўапкершилик жүкледик.

Себеби, Мүрәжатта 2021-жыл ушын және бир әҳмийетли бағдар сыпатында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылған.

Онда атап өтилгениндей, бириншиден 2021-жылда да коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўди системалы түрде даўам етиў ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири болады. Бул жумыслар ушын мәмлекетлик бюджетке 3 триллион сум қаржы топланады. Усы қәрежетлер есабынан, әлбетте, халықты коронавирусқа қарсы шаншыў жумыслары да әмелге асырылады. Санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң сапасын арттырыў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў және заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириўге 200 миллион доллар муғдарында қаржы ажыратылады.

Пандемия дәўиринде топлаған тәжирийбелерден келип шыққан ҳалда, медицина тараўын санластырыў көлеми және де кеңейеди. Соның ишинде, барлық медициналық емлеў-профилактикалық мәкемелеринде аралықтан басқарыў хызметлерин көбейтиў, поликлиника ҳәм емлеўханаларды электрон жумыс ислеўге өткериў илажлары көриледи. Сондай-ақ, республикалық қәнигелестирилген медицина орайлары ҳәм олардың  филиаллары арасында  телемедицина жолға қойылып, диагностика ҳәм емлеў ушын узақ жерлерде жайласқан емлеўханалардың имканиятлары және де артады.

Ҳәзирги ўақытта орайымыз ЮНИСЕФ шөлкеми ҳәм мәмлекетлик бюджет тәрепинен  заманагөй информациялық система менен тәмийинленди. Орай хызметкерлериниң билимлерин жетилистириўде, семинарларға, конференцияларға қатнасыўында – телемедицинадан пайдаланыўды баслап жибердик. Алдағы мақсетимиз – усы мүмкиншиликлерден районларда, алыс аўылларда хызмет етип атырған кәсиплеслеримиз бенен де байланысып, олардың да билим ҳәм тәжирийбесин арттырыўда, наўқасларға мәсләҳәт бериўде кеңнен пайдаланыў.

Екиншиден, ана ҳәм бала саламатлығына итибар – жәмийетке, келешекке итибар болып есапланады. Усы мақсетте кейинги жылдан баслап 15 жасқа шекемги балалар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға 7 түрдеги витаминлер, балалар ушын паразитар кеселликлерге қарсы дәри-дәрмақлар бийпул тарқатылады. Бул процесс пенен 2021-жылда – 11 миллион, 2022-жылда – 17 миллион адам қамтып алынады. Бул жумысларға 100 миллиард сум қаржы жумсалады.

Ҳаяллар ҳәм балаларға йод, темир, фолий кислотасы, витаминлер ҳәм паразитлерге қарсы дәрилер менен бийпул тәмийинлеў арқалы халық арасында қаны азлық 25 процентке азаяды.

Үшиншиден, медицинаның басланғыш буўынын күшейтиў, әсиресе, аўылларда ҳәм мәҳәллелерде медициналық хызметтиң сапасын жаңа басқышқа көтериў зәрүр. Бул бойынша басланғыш буўындағы улыўма әмелият шыпакерлериниң орнына шаңарақ шыпакери ҳәм оған  жәрдемши сыпатында 5 орта буўын медицина хызметкеринен ибарат «медициналық бригада»лар шөлкемлестириледи.

Ҳәр бир мәҳәлледе, ең дәслеп, 5 жасқа шекемги балалар, сондай-ақ, туўыў жасындағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, майыплығы болған, қан-тамыр, онкологиялық, эндокрин сыяқлы кеселликлерге бейимлилиги болған пуқаралар менен ислесиўдиң айрықша системасы ислеп шығылады. Соның менен бирге, мәмлекет тәрепинен бийпул медициналық  хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар дизими қайта  көрилип шығады. Олар менен халықты кепилленген медициналық хызмет пенен тәмийинлеў системасы басқышпа-басқыш жолға қойылады.

Хүрметли Президентимиздиң Олий Мәжлиске жоллаған Мүрәжаты бизиң хәр биримизге өз миннетлемелеримизди хүждан менен атқарыўымызға, халық ушын  хызметти аянбай ислеўге ийтермелейди.

Жумыс енди басланады. Машқаласы, оңысығы, дәрти менен ғам- тәшўиши, қуўанышы, кешеси менен бүгини, келешеги айтылмаған, қулласы түртки берилмеген тараўдың өзи қалмады. Бул әрман емес, өтиниш те емес,  бул миннетлеме, халықтың талабы. Пидайылық, жоқары билим ҳәм гөззал инсаныйлық пазыйлетлер жәмийетимиздиң жоқары раўажланыўын белгилеп, жаңа Өзбекстанның келешегине хызмет етеди.

 

Алима Маткаримова,

Республикалық балалар көп тармақлы  медицина орайы бас шыпакери,

медицина илимлериниң кандидаты, доцент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги