Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бунда тийкарынан 2021-жылда онкогематология тараўы ҳәм емлеў қыйын болған гематологиялық кеселликлер бойынша қурамалы диагностика және медициналық әмелиятлар ушын бюджеттен 250 миллиард сум қаржының ажыратылыўы әҳмийетли орын тутады.

Президентимиздиң 2020-жыл 10-февральдағы «Өзбекстан Республикасында гематология ҳәм трансфузиология хызметлерин раўажландырыў және онкогематологиялық ҳәм емлеў қыйын болған кеселликлерге шатылған инсанларды және де қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен илажлар белгиленип, гематология бөлимлеринде усы кеселликлерге шатылған наўқаслар бийпул, тек ғана район (қала)лық медицина бирлеспелериниң медициналық таңлаў комиссиясының жолламасы менен емлениўи жолға қойылған еди. Солай етип, усы кеселликлерге шалынған наўқаслардың стационар шараятта емлениўи ушын үлкен қолайлықлар жаратылды.

Ҳәзирги күнде республикамыз бойынша 12 мыңнан аслам пуқара ақ қан ҳәм нәсилли гематологиялық кеселликлерден азап шекпекте. Соннан, Қарақалпақстан Республикасы бойынша онкогематологиялық кеселлик пенен 348 наўқас, емлениўи қыйын болған гематологиялық кеселлик пенен 203, жәми 551 наўқас қадағалаўда турады.

Жоқарыда атап өтилген қаржылардың ажыратылыўы нәтийжесинде наўқасларға заманагөй жоқары технологиялы диагностикалық усыллардың қолланылыўы, сапалы медициналық хызмет көрсетилиўи және керекли дәри-дәрмақлар менен толық тәмийинлениўи де үлкен әҳмийетке ийе.

Алдынғы жыллары халықтың санына қарап гематологиялық ханалар ажыратылған болса, өткен жыл даўамында ҳәр бир район (қала)да халықтың санына қарамастан гематологиялық ханалар ажыратылды. Солай етип, ҳәр бир район (қала)ның өзинде халық арасында гематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў мүмкиншилиги пайда болды.

Президентимиздиң атап өткениндей, бүйрек жетиспеўшилиги болған 5 мыңнан аслам наўқас биринши рет бийпул гемодиализ хызмети менен қамтып алыныўы ҳәм буның ушын бюджеттен 140 миллиард сумлық қаржының ажыратылыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстанда 97 наўқас гемодиализ сеансын алмақта және 190 наўқас гемодиализге мүтәж. Ҳәзирги ўақытта гемодиализ бөлимлери тек Нөкис қаласы ҳәм Беруний районларында болып, бул узақ районлардан келип гемодиализ емлениўин алатуғын наўқасларға қыйыншылық туўдырмақта. Наўқаслар Нөкис қаласына Мойнақ, Тахтакөпир сыяқлы узақ районлардан 2-3 мәрте қатнаўына туўра келеди. Сонлықтан быйылғы жылда Қоңырат ҳәм Шымбай районларында 10 орынлық районлараралық ҳәм Әмиўдәрья районында 3 орынлық гемодиализ бөлимлерин ашыў режелестирилген.

Бүйрек жетиспеўшилиги менен кеселленген наўқасларға жақын туўысқанларынан бүйрек көшириў тийкарғы емлеў усылы болып есапланады.

Сонлықтан, 2020-жылдың басларында Республикалық көп тармақлы медицина орайынан бир бригада шыпакерлер – қан тамыр хирурги, уролог, нефролог, реаниматолог шыпакерлер Ташкент қаласындағы Вахидов атындағы хирургиялық орайда бүйрек көширип өткериў бойынша тәжирийбе арттырып келди. Усы бригаданың быйыл Москва қаласындағы нефрологиялық орайда тәжирийбе арттырып келиўи режелестирилген.

Соңғы жылларда пуқаралар арасында усы ҳәм оған уқсас кеселликлердиң – жүрек-қан-тамыр, эндокрин кеселликлери санының көбейиўи пуқараларымыздың саламат турмыс тәризине әмел етпеўи, яғный, дурыс аўқатланбаўы, аз ҳәрекетлениўи, спорт ҳәм физикалық тәрбия менен шуғылланбаўы, семизлик есабынан көбейип кеткени бақланған.

Бундай кеселликлердиң алдын алыўда және халықтың саламатлығын тәмийинлеўде халық арасында дурыс аўқатланыў, физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўды ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли фактор болып есапланады.

 

Мурат Ҳайтбаев,

Республикалық көп тармақлы медицина орайы бас шыпакериниң орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги