Жәмийетлик додалаўға қойылған 2021-жылдың мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында пенсия ҳәм напақаларды тайынлаўда пуқаралар ушын еле де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде жаңа тәртиплер белгиленбекте.

 

Оған муўапық, 2021-жыл 1-июньнан баслап пенсияларды тайынлаўда пуқараның мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажы ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон базасы жүргизилмеген дәўир – 2005-жылдан алдынғы жыллар ушын мийнет стажы пуқараның мийнет дәптершесиндеги жазыўлар тийкарында ҳеш қандай тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилместен есапланады.

 

Сондай-ақ, үш жылдан артық дәўир ушын тайынланған ямаса қайта есапланған пенсия ҳәм напақаларды тексериў және олар бойынша артықша төлемлерди өндириў бийкар етиледи.

 

Жаңа тәртип бойынша жумыс ислеўшилерге жумыс ислемейтуғын өмирлик жолдасларының пенсия тәмийнатына ийе болыўы ушын өз дәраматларынан ықтыярлы түрде ҳәр айда социаллық салық төлеў ҳуқықы бериледи.

 

Соның менен бирге, пенсия ҳәм напақалар пуқараның қәлеўине қарай дизимге алынған турақлы ямаса ўақытша жасаў орны бойынша тайынланады ҳәм төленеди.

 

Және де пенсия ҳәм напақаларды нақ пулсыз тәризде алыў ушын арзалар пуқаралар тәрепинен Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қорының тийисли бөлимине мүрәжат етпеген ҳалда, коммерциялық банклерде пластик карталарды ашыў процесинде ямаса банк мобиль қосымшалары арқалы электрон тәризде рәсмийлестириледи.

 

Сондай-ақ, пуқаралардың пенсияға болған ҳуқықы жоғалғанлығын тийисли мәкемелер тәрепинен усыныс етилетуғын электрон мағлыўматлар тийкарында анықлаў арқалы төлемлерди нақ пулсыз тәризде алыўшылар тәрепинен ҳәр алты айда Пенсия қорының бөлимине келиў ямаса орнына барған ҳалда мониторинг өткериў миннетлемеси бийкар етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.