2020-жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасында 349 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Оларда 314 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған болса, 89 адам биймезгил өмирден көз жумған.

 

ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының бизге мәлим етиўинше, 2019-жылға салыстырғанда бул көрсеткишлер бираз болса да кемейиўине ерисилген. Яғный 2019-жылы республикамызда улыўма 400 жол-транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған болса, оларда 358 адам дене жарақатын алған, ал 105 адам қайтыс болған еди.

 

2020-жыл даўамында Қоңырат (28 ден 31 ге), Шымбай (7 ден 9 ға), Елликқала (23 тен 28 ге) районларында жол-транспорт ҳәдийселериниң саны артқан. Жол-транспорт ҳәдийселери Нөкис қаласы ҳәм 9 районда азайып, 4 районда 2019-жылға салыстырғанда турақлы көрсеткишке ийе болған.

 

Жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде жарақатланғанлар саны 2019-жылға салыстырғанда республикамыздың Нөкис қаласы ҳәм 8 районында азайып, 1 районда турақлы сақланған, бирақ 7 районда өсиўине жол қойылған.

 

Атап айтқанда:

 

Қараөзек районында 10 нан 14 ке;

Қоңырат районында 23 тен 26 ға;

Нөкис районында 8 ден 11 ге;

Тахтакөпир районында 1 ден 2 ге;

Хожели районында 26 дан 27 ге;

Шымбай районында 7 ден 10 ға;

Елликқала районында 17 ден 24 ке көбейген.

 

Жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде қайтыс болған пуқаралар саны 2019-жылға салыстырғанда республикамыздың 9 районында азайған, Нөкис қаласы ҳәм 1 районда турақлы сақланып, 6 районда көбейген.

 

Яғный:

 

Тақыятас районында 1 ден 3 ке;

Беруний районында 12 ден 16 ға;

Қараөзек районында 3 тен 4 ке;

Кегейли районында 2 ден 4 ке;

Мойнақ районында 1 ден 2 ге;

Елликқала районында 6 дан 14 ке көбейген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.