19-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының комитетинде «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-принциплери ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаўға арналған фракциялар аралық додалаў болып өтти. Бул ҳаққында Нызамшылық палатасы баспасөз хызмети хабар берди.

 

Депутатлар жеке автомобильде жолаўшы тасыўды лицензия талап етилетуғын хызмет түринен шығарып, ўәкилликли уйымларды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын хызмет түрлери дизимине киргизиў усынысын алға сүрген. Бул арқалы таксишилик пенен шуғылланыўшылар ушын жеңиллик жаратыў мақсет етилген.

 

«Усы хызмет түриниң бир дизимнен екинши дизимге алыныўы транспорт басқарыўшыларға жолаўшыларды қала, қала әтирапында ҳәм қалалар арасында жеңил автомобильде тасыў ушын рухсатнама алыў процесин жеңиллестиреди ҳәм төлем суммасының әдил түрде белгилениўине алып келеди», – деп жазылған хабарда.

 

Билдирилген усыныс ҳәм пикирлер нызам жойбарын жетилистириў процесинде көрип шығылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.