Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасында прокуратура уйымларының нызамшылықты тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен  еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген коллегия мәжилиси болып өтти.

Оған прокуратура уйымларының прокурор-тергеў хызметкерлери, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының, қала ҳәм район бөлимлериниң баслықлары қатнасты.

Коллегия мәжилисин Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов басқарып барды.

Атап өтилгеинндей, өткен жыл даўамында прокуратура уйымлары тәрепинен нызамлардың орынланыўы бойынша өткерилген тексериўлер нәтийжесинде жәми 5 мыңға шамалас прокурор бақлаў ҳүжжетлерин қолланыў арқалы нызамбузыўшылықлар сапластырыллы. Прокурор протестлери тийкарында 2 мыңнан аслам нызамға қайшы ҳүжжет нызамға муўапықластырылды.

Прокурор тексериўлери ҳәм жынаят ислери тергеўи даўамында жеткерилген 1 миллиард 223 миллион сумлық зыянның ықтыярый өндирилиўи тәмийинленди. Сондай-ақ, судларға 670 миллион сумнан аслам зыянды өндириў бойынша даўа арза киргизилип, 7 мыңнан аслам пуқараның бузылған ҳуқықының тиклениўине ерисилди.

Буннан тысқары, прокурор секторларында 8 мыңнан зыят кем тәмийинленген шаңараққа «Сақаўат ҳәм көмек» ҳәрекети шеңберинде 8,7 миллиард сум муғдарында мәнзилли жәрдем көрсетилди. Нәтийжеде жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте 9 мыңнан аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Мәжилисте өткен жылы жол қойылған айырым кемшиликлер сынға алынып, оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Коллегия мәжилисинде күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги