2021-жылдың  6-январь күни Францияның жетекши басылымы болған «Le Figaro» газетасында «2020-жылда  кризисти шетлеп өткен мәмлекетлер» темасында мақала жәрияланды.

Өзбекстан Республикасының Париждеги елшиханасы тәрепинен мәлим етилиўинше, онда Өзбекстан Республикасы 2020-жылы коронавирус пандемиясы менен байланыслы кризисти шетлеп өткен дүньядағы санаўлы мәмлекетлерден бири сыпатында атап өтилген.

Мақалада атап өтилиўинше, Жәҳән банки планетамыз бойынша жалпы ишки өним 4 процент азайғанлығын мәлим еткен. Өткен жылы пүткил дүнья регионында жүз берген кризис екинши Жер жүзилик урыс дәўиринен баслап бақланбаған. Европадан Америкаға шекем, Африкадан Азияға шекем бир де бир континент бул тарийхый шоктан қашып қутыла алмады. «Le Figaro» мағлыўматына бола, тек бир неше мәмлекет ғана сынақларға бай болған 2020-жылы экономикалық өсиўге ерисип, бундай «дүнья көлеминдеги кризис»ке шыдам бере алды.

Журналист Амрель Бохинёст Орайлық Азияның үш мәмлекети, соның ишинде, Өзбекстан 2020-жылы экономикада унамлы  белсендиликти көрсеткенлигин атап өтеди.

Халықаралық валюта қорының атап өтиўинше, «Өзбекстан  басшылығы жедел илажлар көре алды, атап айтқанда, социаллық мүтәжликлер ҳәм денсаўлықты сақлаўға ажыратылатуғын қаржыларды арттырды, киши ҳәм орта бизнес кәрханалары COVID-19ға қарсы турыўы ушын үлкен жәрдем көрсетилди».

Бай табийғый ресурсларға (тәбийғый газ, металл, төгинлер, пахта) ҳәм жоқары туристлик потенциалға ийе Өзбекстанның басшысы кейинги жылларда мәмлекетти 2016-жылға шекемги «қатаң басқарыў» моделинен алып шығыўға қаратылған үлкен экономикалық реформаларды әмелге асырмақта, – делинеди мақалада.

«Le Figaro»да хабар етилиўинше, Жәҳән банки Қытай, Түркия, Вьетнам ҳәм басқалардан ибарат улыўма 22 мәмлекетти 2020-жылы кризисти шетлеп өткен мәмлекетлердиң қатарына киргизген.

«Le Figaro» – Францияның жетекши басылымы болып, ол 1826-жылы шөлкемлестирилген. Санлы информациялар тараўында әҳмийетли қатнасыўшы  есапланады. Жаңалықлар тарқатыўшы сайтлар арасында жетекши абырайға ийе болып, оның хабарларынан ҳәр айда 23,5 миллионға шамалас адамлар пайдаланады. Газетаның тиражы 329 мың нусқаны қурайды.

дәрек: xs.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги