Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-январь күни руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Жәҳән тарийхына нәзер салсақ, ҳәр бир халық бәринен бурын, мәнаўий бирлесиўи, миллий идеясы менен раўажланған. Бүгин жаңа турмысты қурыў, раўажланған мәмлекетлердиң қатарына шығыў жолынан баратырған мәмлекетимизде де миллий идея мәселеси оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Соңғы жылларда бул бағдарда бир қатар қарарлар қабыл етилди. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң баслығы Президент екенлиги белгилеп қойылды. Кеңестиң аймақлық бөлимлерине жуўапкершилик ҳәкимлерге жүкленди. Бул өзгерис  руўхый-ағартыўшылық жумысларды мәмлекетимиз сиясаты да және де жоқары орынға көтерди.

– Егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият болып табылады, – деди Шавкат Мирзиёев мәжилисте. – Биз жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем таянышқа сүйенемиз. Бириншиси – базар принциплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси – ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдирятларына тийкарланған күшли мәнаўият.

Жақында болып өткен ири илажлар – мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты, Өзбекстан жасларының биринши форумы және Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәнаўият бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Себеби бул бағдарда шешимин күтип турған өзгерислердиң самалы кирип бармаған мәселелер көп. Миллий идеяның мәнисин толық түсинип жетпеген, ески идеологияны, оған жүзеки қарайтуғынлар да жоқ емес. Сонлықтан Президент мәмлекетимиз идеологиясының тийкарғы идеясын атап өтти:

– Биз жаратып атырған жаңа Өзбекстанның идеологиясы жақсылық, адамгершилик, гуманизм идеясы болады. Идеология дегенде, бәринен бурын, пикир тәрбиясын, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятлардың тәрбиясын түсинемиз. Олар халқымыздың неше мың жыллық турмыслық түсиник ҳәм қәдириятларына тийкарланған, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бизге белгили, бүгин дүньяда кескин гүрес ҳәм бәсеки ҳүким сүрмекте, мәплердиң қарама-қарсылығы күшеймекте. Глобалласыў процесслери инсаният ушын бийтәкирар жаңа имканиятлар менен бирге күтилмеген машқалаларды да келтирип шығармақта. Миллий өзлик ҳәм мәнаўий қәдириятларға қарсы қәўип-қәтерлер барған сайын артпақта. Тек өзин ойлаў, мийнетке, шаңараққа жеңил қараў, тутыныўшылық кейпияты түрли жоллар менен адамлар, әсиресе, жаслардың санасына кең түрде сиңдирилмекте.

Терроризм, экстремизм, трансмиллий ҳәм кибержынаятшылық, адам саўдасы, наркотрафик сыяқлы қәўип-қәтерлер артып бармақта. Айырым аймақларда жасалма қарама-қарсылық жүзеге келтирилип, наразылық кейпияты ҳәўиж алдырылмақта.

Бундай жағдайда сергек ҳәм сақ болып, халқымыздың тынышлығы, мәмлекетимиздиң мәплерин ойлап жасаў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы бийпәрўалық ең үлкен қәўип екенлигин, бүгин ушырап атырған социаллық машқалаларды азайтыў ушын нуранийлардың тәрбиясы, жәмийетлик қадағалаў жетиспей атырғанлығын атап өтти.

Мәжилисте атап өтилгениндей, социаллық – мәнаўий орталықты илимий тийкарда таллаўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Жәмийетимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслары усындай тийкарда жолға қойылмағанлығы ушын да күтилген нәтийжени бермей атыр.

Соның ушын Республикалық Руўхый ҳәм  ағартыўшылық орайының жумысын  сын көзқарастан үйренип шығып, оны түп-тийкарынан жетилистириў зәрүр екенлиги айтылды.

Президентимиз усы орайдың «Маънавият тарғиботчиси» оқыў мәкемеси негизинде Социаллық-мәнаўий изертлеўлер институтын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Мәжилисте руўхый-ағартыўшылық жумысларды сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары белгиленди.

Бизге белгили, ҳәзирги ўақытта мәнаўиятты үгит-нәсиятлаў менен онлаған шөлкемлер шуғылланады. Бирақ, олардың жумысы анық муўапықластырылмай атырғанлығы, бирден-бир системаға бирлеспегенлиги себепли бир-бирин қайталаў жағдайлары бақланбақта.

Буннан былай Республикалық руўхый ҳәм ағартыўшылық орайы барлық аймақлық кеңеслердиң, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң руўхый ағартыўшылық жумысын муўапықластырып баратуғынлығы белгиленди.

Орай ҳәм оның системасындағы шөлкемлердиң материаллық-техникалық тәмийнаты кескин күшейтиледи. Оның жумысы илимий-изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў бағдарларында қайта шөлкемлестириледи.

Тәрбияда тәнепис болмайды, дейди халқымыз. Бирақ, руўхый-ағартыўышылық жумыслардағы тығыз байланыс ҳәзирше ондай емес. Бул бағдарда бақша, мектеп, жоқары билимлендириў, мәҳәлле – ҳәр бири өз алдына жумыс алып барып атыр.

Сонлықтан руўхый-ағартыўшылық жумыслардың бирден-бир системасын жаратыў, атап айтқанда, ул-қызларды балалығынан билимли ҳәм пазыйлетли етип тәрбиялаў, оның ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине методикалық жәрдем көрсетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мектеплер, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў орынларында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди. Барлық жоқары оқыў орынларында ҳәм олардың филиалларында бар штат бирликлери шеңберинде жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша проректор лаўазымы енгизилетуғыны атап өтилди.

Мәҳәллелерде социаллық-мәнаўий орталықтың турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. «Бир зыялы – бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәллеге профессор-оқытыўшы ҳәм белгили зыялылар бириктирилетуғыны мәлим етилди. Сондай-ақ, Ташкент қаласы нуранийлериниң тәрбиясы аўыр, жумыссыз жасларға жәрдем бериў бойынша басламасы қоллап-қуўатланды.

Аймақлардың орайында үлги жойбар тийкарында руўхый ҳәм ағартыўшылық орайларын қурыў, жергиликли бюджетлер есабынан тараўға қосымша штатлар ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Ташкент қаласындағы «Жеңис парки» комплексин халқымыз, әсиресе, жаслар ушын әскерий тарийх ҳәм ата-балаларымыздың қаҳарманлығын үйрениў бойынша илимий орайға айландырыў усынысы билдирилди.

Жасларды ўатансүйиўшилик, миллий мақтаныш руўхында тәрбиялаў, оның ушын тарийхты жақсы үйретиў, бул бағдардағы илимий-изертлеўлерди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Миллий тарийхты миллий руўх пенен жаратыў керек. Болмаса оның тәрбиялық тәсири болмайды. Биз жасларымызды тарийхтан сабақ алыў, жуўмақ шығарыўға үйретиўимиз, оларды тарийх илими, тарийхый ақыл-ой менен қуралландырыўымыз зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге Өзбекстанда тарийх илимин 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Өзбек тилиниң мәмлекетлик тил статусын күшейтиў, елимизде ҳәм сырт елде оны үйрениў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў бойынша көрсетпе берилди.

Бүгин турмыс жаңаша пикирлеў ҳәм ислеў, миллий «ақыл орайлары»мызды қәлиплестириўди талап етпекте. Тилекке қарсы, әтирапымыздағы барлық сиясий-жәмийетлик процесслерди терең түсинип, тәсиршең тилде жеткерип беретуғын таллаўшы ҳәм экспертлеримиз оғада аз. Бундай жағдайда жәмийетимизди мәнаўий қарама-қарсылықлардан қорғаў бағдарындағы илимий-әмелий изертлеўлерди түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүр. Усы мәнисте, Руўхый ҳәм ағартыўышылық, «Раўажланыў стратегиясы», Ислам цивилизациясы орайлары, социаллық-гуманитарлық бағдардағы изертлеў институтлары ҳақыйқый «ақыл орайлары»на айланыўы керек екенлиги атап өтилди.

Миллий идеяны үгит-нәсиятлаў, руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте әдебият ҳәм китапқумарлықты және де раўажландырыў мақсетинде «Ижод» жәмийетлик фонды негизинде Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў фондының шөлкемлестирилетуғынлығы атап өтилди.

Бул фондқа 120 миллиард сум ажыратылып, руўхый-ағартыўшылық тәрбия ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын нәтийжели әмелге асырыў, миллий әдебиятымызды раўажландырыў ушын жумсалады. Бул қаржының 90 миллиард сумы аймақларда руўхый-ағартыўшылық тараўларды раўажландырыўға, 20 миллиард сумы Жазыўшылар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаўға, 10 миллиард сумы мәмлекет көлеминде руўхый-ағартыўшылық жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге бағдарланады.

Усы жылдан баслап руўхый ҳәм ағартыўшылық тараўы қәнигеликлерин пәнлер классификаторына киргизиў, бул бағдарда жетик кадрлар таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Китапқумарлық мәдениятын кеңейтиў, кино көркем өнерин избе-из раўажландырыў, барлық телеканаллар жанындағы көркемлик кеңеслердиң жумысын сын көзқарастан таллап, телебағдарламалардың дәрежесин арттырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

– Егер кимдур, мәнаўият мәселеси – бул тек Мәнаўият орайы ямаса тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жумысы, деп ойласа, қәте ойлайды. Булардың барлығы алдымызда турған ең тийкарғы, ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып табылады, – деди Президент.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша тараў жуўапкерлери, оқытыўшы ҳәм профессорлар, министрлер, ўәлаят ҳәкимлери пикир билдирди.

 

ӨзА