Ҳәр жылы Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң режесине муўапық,  пуқаралар жыйынларындағы кем тәмийинленген, жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан, медициналық тексериўге мүтәж ҳаял-қызлар бийпул тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилмекте.

Гезектеги медициналық тексериў Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында болып өтти.

– Ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги ролин арттырыў, ҳуқықый мәдениятын жетилистириў менен бир қатарда олардың денсаўлығын беккемлеў, физикалық жақтан саламат және ҳәр тәреплеме нәўқыран жаңа әўладты дүньяға келтириўи ҳәм тәрбиялаўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарына айланды. Бул бизиң партиямыздың да бағдарламасында өз сәўлелениўин тапқан,-дейди партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң жетекши қәнигеси Г.Джумагулова.

Медициналық тексериўге мүтәж ҳаял-қызларды бийпул тереңлестирилген медициналық тексериўден өткериўге әмелий жәрдем бергени ушын Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине, Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы жәмәәтине өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Илажда ҳаял-қызлар менен сәўбетлесиў өткерилди. Олардың пикир-усыныслары тыңланып, қызықтырған сораўларына жуўап берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги