Мүнәсибет

 Ҳүрметли Президентимиз Олий Мәжлиске жоллаған Мүрәжатында 2021-жылда билимлендириўдиң барлық тараўларында шет тиллерин үйрениў бойынша бир қатар ўазыйпаларды орынлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, 2021-жылда билимлендириўдиң барлық тараўларында шет тиллери пәнин оқытыўдың сапасын арттырыў, аймақларда шет тиллерине қәнигелестирилген мектеплерди ашыў, маман педагогларды таярлаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылыўы кереклиги айтылды.

Президентимиз тәрепинен атап өтилген бул мәселелер бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бүгинги күнде зийрек студентлер ҳәм жас профессор-оқытыўшылар ушын инглис ҳәм рус тиллери бойынша курслар өтилиўи шөлкемлестирилди. Профессор-оқытыўшылардың илимий дәрежелилигин арттырыў мақсетинде 10.00.06 – салыстырмалы әдебият таныў, салыстырмалы тил билими ҳәм аўдарма қәнигелигинен филология илимлери бойынша, сондай-ақ, 13.00.02 – тәлим-тәрбия теориясы ҳәм методикасы қәнигелигинен педагогика илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесин бериўши Илимий Кеңес ашылды.

Сондай-ақ, университетимиз тәрепинен шет тиллерин оқытыўдың сапасын системалы түрде раўажландырыў бойынша оқытыўшыларды сырт еллердиң ири оқыў ҳәм илим-изертлеў орайлары, илимий-изертлеў жумысларын орынлаўы ушын қысқа ҳәм узақ мүддетли стажировкаларға, қәнигелигин арттырыў курсларына жибериў режелестирилмекте. Оқыў процесиниң нәтийжелигин еле де арттырыў ушын сырт еллерден оқыў әдебиятларын алыў, студентлер ушын Америка орайын шөлкемлестириў, шет тиллерин үйрениўшилерде шет тилинен ана тилине ямаса керисинше аўдарыў көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде заманагөй үскенелер менен тәмийинленген арнаўлы бөлмелер ажыратыў белгиленди.

Россия Федерациясының Өзбекстандағы елшиханасының жәрдеми менен Рус тили ҳәм мәденияты орайын шөлкемлестириў, корейс, қытай ҳәм япон тиллери оқытылыўына байланыслы Шығыс тиллери орайын шөлкемлестириў, тил үйрениўшилердиң жасын итибарға алып, қарақалпақ мәденияты ҳәм әдебиятына тийисли материалларды инглис ҳәм немис тиллеринде үйретиўши арнаўлы электрон қолланбалар жаратыў режелестирилди.

Сондай-ақ, Мүрәжатта билимлендириў системасындағы физика пәни айрықша илимий бағдардағы ең баслы бағдар сыпатында екенлиги айтылды. Бул тараўда арнаўлы бағдарлама қабыл етилип, бул бойынша унамлы жумыслар алып барылыўы айрықша атап өтилди.

Солардан физика тараўы бойынша Ахмад Фарғаний атындағы халықаралық пән олимпиадасының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, физика бағдарында бүгинги күнниң талабына жуўап беретуғын илимий излениўлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыў, усы тараўдағы жас илимпазларымыз ушын керекли шараятларды жаратыў бойынша тийисли илажлар қабыл етилетуғынлығы билдирилди.

Әлбетте, бул усыныс физиклер ушын көптен күтилген ең қуўанышлы хабар болды.

Бизиң ўазыйпамыз билимлендириў тараўында физика пәнин оқытыўдың сапасын арттырыў ушын мектеп, техникум, академиялық лицей ҳәм жоқары оқыў орынлары арасында үзликсиз байланысты орнатыўымыз зәрүр. Физиканы терең үйрететуғын қәнигелестирилген мектеплерди республикамыздың ҳәр бир районынан ашыўымыз керек. Соның менен бирге, усы ашылған мектеплерди ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғын лаборатория менен тәмийинлеўимиз шәрт.

Физика пәни бойынша мектеп бағдарламасында республика көлеминде олимпиадалар шөлкемлестириўимиз керек. Усы олимпиада жеңимпазларының ишинен жоқары көрсеткишлерге ерискен оқыўшыларды Ахмад Фарғоний атындағы халықаралық физика бойынша пән олимпиадасына сайланды оқытыўшылар қурамынан ибарат болған таярлаўшы топар дүзиў ҳәм оларға жоқары дәрежеде зәрүр шараятлар жаратып бериў мақсетке муўапық болар еди.

Илим бул жаңа билимди жаратыўшы бирден-бир дәрек болып табылады. Сонлықтан, жоқары оқыў орнына кирген зийрек студентлер топарынан «Устаз-шәкирт» механизмин әмелге асырған ҳалда талантлы студентлерди илимий дөгереклерге тартамыз. Сол арқалы мәмлекетимиз тәрепинен орнатылған Улуғбек, Бердақ атындағы стипендияларға усынамыз. Бул өз гезегинде студентлерге магистратураға, Өзбекстан Республикасының қәлеген физика қәнигелиги бар жоқары оқыў орнына имтихансыз кириўине жол ашып береди.

Тилекке қарсы физика факультетинде бүгинги күни дуньялық талапқа жуўап беретуғын илимий лабораторияларымыз жоқ. Егерде физика факультетиндеги ярым өткизгишлер физикасы кафедрасы базасында «Ярым өткизгишлер электроникасы ҳәм куяш элементлери» атамасында мәмлекетлик қаржы есабынан илимий проблемалық лаборатория ашылса, онда биз илимий педагогикалық маманларды таярлаў мүмкиншилигине ийе болар едик.

Жақсы илим болыўы тийкарынан ушын 3 нәрсе зәрүр:

  1. 1. Жоқары дәрежедеги илимий маманлықтағы профессор-оқытыўшылардың жеткиликли болыўы;
  2. 2. Материаллық-техникалық база;
  3. 3. Информациялық ресурслар.

Тилекке қарсы бүгин материаллық-техникалық базамыздың талапқа жуўап бермейтуғынлығы физика пәнин алға илгерилетиўимизге иркиниш жасамақта.

Республикамыздағы барлық мектеплерде жоқары класс оқыўшылары ушын ҳәзирги заман илимий-техникалық прогресске тиккелей физиканың роли барын көрсетип бериўши 4 саатлық арнаўлы курс киргизиў керек. Бул курсларды жоқары оқыў орынларының илимий дәрежеге ийе болған тәжирийбели профессор-оқытыўшылары өтсе мақсетке муўапық болған болар еди.

Республикамыз көлеминде физика бағдарын муўапықластырыўшы физика жәмийети дүзилсе, усы тараўдағы жумысларды тәртиплестириўде жақсы жағынан үлкен тәсирин тийгизген болар еди.

 

А.Реймов,

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги