Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрьдеги Мүрәжатында реформалардың нәтийжесин ҳәр бир инсан өз турмысында сезиниўи ушын ҳүжжетлердиң орынланыўын өз ўақтында ҳәм нәтийжели тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Сонлықтан Әдиллик министрлигине қабыл етилген ҳүжжетлерди жуўапкерлерге жеткериў, әмелиятта қолланыўға жәрдем бериў ҳәм қадағалаў бойынша жаңа система енгизиў ўазыйпасы тапсырылған еди.

Президент жанында 18-январь күни өткерилген мәжилисте әмелдеги жағдайдың талланыўы ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, нәтийжели орынлаў системасын жолға қойыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы 4 жылда 2 мыңға шамалас пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилген. Бирақ аймақ ҳәм шөлкемлерде олардың орынланыўы қанаатланарлы емес.

Коронавирус пандемиясы, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары бир қатар бағдарларда машқалалар бар екенлигин көрсетти. Жоқары билимлендириў, транспорт, суў хожалығы, мәмлекетлик мүлкти басқарыў тараўларындағы реформалар күтилген нәтийжени бермей атыр. Сол себепли усы тараўлардың басшылары жумыстан алынды. Және бир қатар министр ҳәм министрдиң орынбасарларының жумысы қанаатландырарсыз деп табылып, оларға интизамий жаза қолланылды.

– Орынлаў системасындағы ең үлкен машқала – дүньяқарас өзгермей атырғанлығы, билимсизлик ҳәм жуўапкерсизлик, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте 4 басқышлы нәтийжели орынлаў системасын шөлкемлестириў илажлары додаланды. Олар орынлаўды жойбар басқышында  режелестириў, орынлаўды шөлкемлестириў ҳәм жәрдем бериў, орынлаўды баҳалаў, орынлаўды қадағалаў болып есапланады.

Ҳүжжетлерди әмелиятта қолланыўға жәрдем бериў мақсетинде әдиллик министриниң орынбасарлары орайлық уйымларға бириктириледи. Орта ҳәм төменги буўын хызметкерлерин ҳәр бир тараўға байланыслы  қарар бойынша оқытыў шөлкемлестириледи. Әдиллик министрлигиниң ўәлаятлық басқармалары, қалалық ҳәм районлық бөлимлериниң баслықлары болса қарарларды исбилермен ҳәм пуқараларға түсиндириўге жуўапкер болады.

Президентимиз қабыл етилип атырған ҳүжжетлер халықтың мәпине қаратылғанын, соның ушын  олардың мазмунын халыққа жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ҳүжжетлердиң тек ғана орынланыўы емес, ал нәтийжелилигине де айрықша итибар қаратылады. Мысал ушын, 2020-жыл 1-майда жер асты суў резерви бар жерлерде мәмлекет есабынан қудық қазып, оларды айрықша жеңилликли шәртлерде бериў бойынша қарар қабыл етилген еди. Бул мақсетлерге Кризиске қарсы қорлардан ажыратылған 300 миллиард сум есабынан 95 мың гектар жер пайдаланыўға киргизилди, 70 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылды.

Жуўапкерлерге орынларға шығып, қарарлардың орынланыўы бойынша мәнзилли ҳәм тематикалық үйрениўлер өткериў бойынша  тапсырма берилди. Онда нызамшылықтағы кемшиликлерден баслап, инвестициялық жойбарлардың жағдайына шекем барлық мәселелер комплексли үйрениледи, машқалалар болса анықланып, оларды шешиў бойынша усыныслар ислеп шығылады.

Қарарлардың орынланыўын қадағалаўдың ең өнимли қуралы – жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм қадағалаўы. Сонлықтан, «жәмийетшилик тыңлаўлары», «жәмийетшилик мониторинги» системасын енгизиў, бул процесске пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқараларды жедел тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге Президент ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша мүрәжат етиў имканиятын беретуғын мобиль қосымша иске түсирилетуғыны белгиленди.

Әдиллик министрлигине Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий асоциациясы, «Жәмийетлик пикир» орайы менен бирге халық арасында социаллық сораўлар өткериў, қарарлардың орынланыўы ҳәм оған халықтың мүнәсибетин үйрениў ўазыйпасы қойылды. Бул мақсетлер ушын айрықша грантлар енгизиледи.

Сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен қарарлардың орынланыўы бойынша баспасөз әнжуманлары шөлкемлестирилип барылады. Орынланбаған жумысларды сын көзқараста додалаў менен бирге, орынланыўы нәтийжели болған қарарлар бойынша унамлы тәжирийбелер де сәўлелендириледи.

Барлық таллаўлар, мәлимлемелер Министрлер Кабинети Президиумында сын көзқарастан көрип шығылып, тийисли илажлар белгиленеди.

 

ӨзА