МҮНӘСИБЕТ

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалының директоры Ф.Худойбердиев, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиз басшысы Мүрәжатының әҳмийети,  онда жасларды қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң усынысы менен 2021-жылға елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама берилиўи жасларға деген айрықша итибардың әмелдеги көриниси болды.

Жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў ҳәм сапасын арттырыўға айрықша итибар қаратылып, усы жылдан баслап жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың саны кеминде 25 процентке арттырылады. Соның ишинде, жоқары оқыў орынларына қабыллаўда жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар саны 2 есеге көбейтилип, жақсы баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ушын арнаўлы стипендиялар енгизиледи. Қәбилетли жаслардың сырт еллердиң абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын кең имканиятлар жаратылады. Бул жоқары мағлыўмат алып, елимиздиң айдын келешегине өз үлесимди қосаман, деген жаслар ушын ғамқорлық болып табылады.

Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги